Тарийхый дереклерге сүйенетуғын болсақ, қара үйлер түркий халықлардың тийкарғы баспанасы болып, оның иши қыста жыллы, жазда салқын болған. Соңын ала қара үйлерди тийкарынан шарўашылық пенен шуғылланыўшы хожалықлар пайдланып келген. Қара үйдиң және бир әҳмийетли тәрепи сонда ол жер силкиниўине шыдамлы болып, ол тегинликте бузылмайды.
Тарийхшылардың анықлаўынша қола дәўириниң ақырларында бизиң эрамызға шекемги XII—IX-әсирлерде пайда болып, ол андронлық үйлерге уқсас келеди. Деген менен андронлық үйлер бөренели ылашық үйлер болған. Сонлықтан бул дереклерди шынлыққа жатқарыўға болмайды. Қара үйлер шама менен бизиң эрамызға шекемги 8-5 әсирлерде пайда болған болыўы мүмкин. Себеби, сол дәўирлерде жартасларға салынған сүўретлерде қара үйлердиң келбети сақланып қалған ҳәм дүнья жәмийетшилигине олар хуннлар дәўиринен белгили.
Рус тилинде юрта деп аталатуғын қара үйлеримиз журт, Ата Журт, Ата Мәкан дегенди аңлатып, қазақ тилинде кийиз үй, ақ отаў, қырғызларда боз үй, түркменлерди ақ үй, қара үй, башқуртларда тирмә, моңғолларда гэр, парсыларда чадра, тәжиклерде хонаи сиёҳ, хайма, урду ҳәм пакистанлылар кеймаҳ, африкалылар Кҳерга, Жирга деп атайды.
Тарийхый мағлыўматларға қарағанда, қара үйлердиң көлеми, көриниси ҳәм безелеўине қарай бир неше түрге бөлинген. Атап айтатуғын болсақ, Алтын орда 30 қанаттан (керегеден) ибарат, салтанатлы, жоқары мәртебели адамлар бас қосып мәселе шешетуғын ямаса оғада ҳүрметли, жоқары мәртебели султанлар отыратуғын үй болған. Ал, 24 қанаттан туратуғын Алтын үзикте болса, ханның шаңырағы жасаған.
Ақ шаңқан 18 қанаттан, Ақ орда 12 қанаттан, Ақ ала орда 8 қанаттан, Ақ үй 6 қанаттан ибарат болып, оларда дәўлетли байлар турмыс кеширген.
4-5 қанатлы қараүйлерде болса, орта ҳаллы хожалықлар, отаўларда жас жубайлар жасаған. Усылар менен бир қатарда гедей шаңарақлар жасайтуғын 2 қанатлы , 2 үзик пенен жабылатуғын үйлер болған.
Бүгинги күни қара үйлер Орайлық Азия ҳәм Россияда мәдений дем алыў орынлары сыпатында туризм тараўында пайдаланып келинбекте. 2015-жылы Түркменстанның Мары қаласында қараүй стилинде диаметри 70 метр, бийиклиги 35 метрлик 3000 адам сыятуғын имарат қурылған. Усындай усылда қурылған дүньядағы ең үлкен имарат Қытай халық Республикасының Қызылсуў-Қырғыз автоном районында салынған ҳәм ол 3 қабаттан ибарат.
Сондай-ақ, қоңсылас Қазақстан ҳәм Қырғызстан Республикаларында да қараүй усылында қурылған ири имаратлар бар.
Ең қуўанышлы тәрепи ата-бабаларымыздың тарийхый баспанасы болған қара үйлер Қарақалпақстанда, соның ишинде бес қаланың бири Шымбайда исленип, сырт еллерге экспорт етилмекте.
Бизлер ушығаның қыйқымындай болып қалған үйшилик өнерин сақлап, бүгинги күни әўладларымызға көздиң қарашығындай қәстерлеп киятырған шымбайлы өнермент усталар менен ушырасып, олардың бүгинги турмысы менен таныстық.
Олар Шымбайдың ең ески аймақларының бири Көкшиқала мәкан пуқаралар жыйынында жасап, өзлериниң ата-бабаларынан мийрас болып қалған үйшилик устаханаларында жумыс ислеп келмекте. Олардың айтыўынша Көкшиқала атамасының тийкары да көклеў сөзинен алынып, қара үй соғатуғын усталар ең дәслеп мал терилерин бир ҳәптедей суўға батырып көклеп, соңынан оларды өзлериниң арнаўлы өткир пышақлары менен ени 3-5 см көлеминде кескен ҳәм оларды ағашларды қурастырыў ушын ҳәзирги шеге сыпатында пайдаланған. Бул терилердиң беккемлиги соншелли оны соңын ала өткир пышақ пенен кесип таслай алмаған ҳәм олар менен бириктирилген үйлер ҳәр қандай даўыл, қуйын, боранларға, басқа да тәбийғый апатларға шыдамлы болған. Сонлықтан бул жыйын аймағы жергиликли халық тәрепинен көкшилер ямаса Көкшиқала деп аталған.
– Ҳәзир жасым 64 те –дейди усындай үйшилердиң бири Абатбай Тәжиқулов.- Мениң әкем Балтабай өмир бойы үйшилик пенен шуғылланды. Әкемниң қасында жүрип, мен де қара үй соғыў өнерин үйрендим ҳәм 1976-жылдан баслап 43 жыл үйши болып халыққа хызмет еттим. Ҳәзирги күнлери балам Баўыржан аталарымыздан қалған өнерди даўам етип, өз шаңырағын сақламақта. Қараүй шаңырақ, кереге, гүлдиреўик, бақалақ, табалдырық, уўық, есик, босаға сыяқлы бөлеклерден ибарат ҳәм олардың ҳәр қайсысы ҳәр түрли тереклерден исленеди. Мәселен, ҳәзир шаңарақ ақ тал, кереге ҳәм уўық қара талдан соғылмақта. Бурынлары қара үй жәнеўит деген теректен исленетуғын еди. Ҳәзир бул терек Қарақалпақстанда жүдә азайып кеткенликтен, ол «Қызыл китап»қа киргизилген. Сонлықтан бизлер үлкемизде өсетуғын басқа тереклерден пайдаланып киятырмыз.
-Терек қадаларының үстине 3-4 күн даўамында суў себелеп, оларды ығал ҳалатқа келтиремиз,-дейди және бир үйши уста Нурлан Саңкибаев.-Соңынан бул қадаларды арнаўлы печмиздиң көригине салып, ийилгиш жағдайға алып келемиз ҳәм оларды өзимизге зәрүр формаға ийип келтиремиз. Соңынан олар қара мал терисинен исленген арнаўлы жиплеримиз бенен беккем етип байланып қурастырылады. Ағашларды қайта ислеўде балта, пышқы, пышақ, жоңқы, дрелл ҳәм болгарка сыяқлы қураллардан, ийетуғын арнаўлы үскенемизден пайдаланамыз. Бир үй соғыў ушын бир адамға бир айдан көп ўақыт кетеди. Егер, 3-4 адам биргеликте ислесек, бир ҳәптеде питкериўге болады.
-Көбинесе, соңғы жыллары қандай көлемдеги үйлерге буйыртпалар болып атыр,-деп сорадым оннан.
-Соңғы жыллары бизлерге 6-8 қанат үйлерге буйыртпалар көп түсип тур. Оларды көбинесе елимиздеги ҳәм Қазақстандағы туристлик компаниялар, халыққа хызмет көрсетиўши исбилерменлер сатып алмақта.
-Сизлер бир қара үйди қанша сумға сатып атырсыз,-деп сорадым оннан.
-Бизлер қара үйлерди арадағы дәлдалшылар арқалы үзик-жабыўларсыз 3-4 млн сумға, үзик-жабыўлары менен бирге 10 млн сумға сатып атырмыз,-дейди Нурлан.-Бирақ, үзик-жабыўларын басқа өнерментлер ислейди. Қәнекей енди сатып алыўшылар бизлер менен тиккелей ислессе екен. Сонда ғана дәраматымыз көбейип, қара үй соғыўшы усталар саны көбейер еди деп ойлайман.
Шынында да бүгинги күни халқымыздың миллий мақтанышы болған қара үйди соғыўшы үйши усталар саны азайып бармақта. Оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм ғамқорлық көрсетиў республикамызда жүргизилип атырған мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бири.
Бизиң пикиримизше, республикамызда үйши усталарға өзлерине керекли болған терек нәллерин егип, өсириўи ушын арнаўлы егислик жерлер ажыратылыўы зәрүрдей. Сондай-ақ, мәмлекетлик тоғай хожалығы хызметкерлери де ҳәзирги күнлери азайып, «Қызыл китап»қа кирген жәнеўит сыяқлы терек нәллерин егип тәрбиялап барса, мақсетке муўапық болар еди деп ойлаймыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы