Украина Президенти Владимир Зеленский Киевте АҚШ қаржы министри Жанет Йеллен менен ушырасты.
«Америка Қурама Штатлары қаржы министри Жанет Йеллен менен әҳмийетли ушырасыў. Қурама Штатлар бул урыстың биринши күнлеринен-ақ бизди тек ғана қурал-жарақ емес, ал қаржы тәрепинен де исенимли қоллап-қуўатламақта. Биз буны жүдә қәдирлеймиз», деп жазды Зеленский «Telegram» социаллық тармағындағы өзиниң бетинде.
Ушырасыўда АҚШтың Украинадағы елшиси Бриджит Бринк те қатнасқан.
Қарақалпақстан хабар агентлиги