Cоңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен Аралдың қурыған ултанында жасыл қаплама, тоғай пайда етиў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Быйылғы егис мәўсими де нәтийжели басланып, бир қатар мәкеме ҳәм шөлкемлер де усы саўаплы иске өзлериниң үлесин қосыўға ҳәрекет етпекте.

Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери де Арал теңизиниң қурыған ултанына барып, ол жерде еки күн даўамында жасыл қапламалар пайда етиўде өз үлесин қосыўға ҳәрекет етти.

Бул жерде олар тараў қәнигелериниң басшылығында бир неше гектар жерге сексеўил нәллерин отырғызды.




– Мойнақ районына сапарымыздың баслы мақсети Аралдың қурыған ултанында тоғай пайда етиўде өз үлесимизди қосыў еди,-дейди илаж қатнасыўшысы Гүлайда Қыпшақбаева.  – Филиал жәмәәти бул жумысларды экологиялық партия ағзалары менен бирге әмелге асырды.

Студент-жаслар бул жерде Мойнақ, Арал теңизи ҳәм оның тарийхы, бүгинги аўҳалға түсип қалыўының себеплери туўралы көплеген мағлыўматларға ийе болды. Олардың ҳәр бири бул саўаплы исте өзлериниң үлеси көбирек болыўы ушын ҳәрекет етти. Әлбетте, ҳәзирги ўақытта қурыған теңиз ултанын жасыллыққа айландырыў ушын әмелге асырылып атырған илажлар, ол жерден көтерилип атырған дузлы шаңлардың көлемин азайтып, экологияны жақсылаўға хызмет етеди.

Саяхат қатнасыўшылары илаж даўамында Мойнақ районында соңғы жылларда әмелге асырылған жаңаланыўлар менен де танысып, көплеген мағлыўматларға ийе болды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги