Соңғы ўақытлары халық пенен тығыз бирге ислесиў, олардың пикир-усынысларын тыңлаў, аймақларда орын алып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша республика, район ҳәм министрлик басшылары тәрепинен көшпели қабыллаўлар өткерилип, бул ушырасыўларда халықтың көплеген машқалалары унамлы шешилип келинбекте.
Усындай көшпели қабыллаў Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Нарымбетов өзиниң гезектеги көшпели қабылаўын өткерди.
Оған райондағы тараў басшылары ҳәм аймақ турғынлары қатнасты. Ушырасыўда халықтың билимлендириў тараўында ушырасып атырған машқалалар, соныӊ менен бирге, тараўды раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы пикир-усыныслары тыңланды.
Көшпели қабыллаўда 7 пуқарадан мүрәжат келип түсип, соннан 6 мүрәжат унамлы шешилди. Ал, 1 мүрәжат ийесине болса, ҳуқықый түсиник берилди.
Соны да айтып өтиўимиз керек, көшпели қабыллаў даўамында келип түскен мүрәжатлар тийкарында 3 үй шараятында билим алып атырған оқыўшыға майыплар арбашасы ҳәм балдақлар, 1 пуқараға кондитер өнимлерин таярлаўшы заманагөй печь тапсырылды.
-Балам Айдос Медетбаев бала гезинен өзи жүре алмайды. Ҳәзир үй шарятында 7-класта оқып билим алмақта. Бурын баламызды көтерип жүре беретуғын едик. Енди ол үлкейген соң көтериў қыйынласып, өзи жүретуғын арбашаға мүтәж болдық ҳәм бул бойынша министрге мүрәжат еткен еттик. Бизлердиң бул мүрәжатымыз унамлы шешилди. Буның ушын Халық билимлендириў министрлигине шексиз миннетдаршылық билдиремен,-дейди Айдостың анасы Ш.Аллаярова.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы