Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 7-февраль күнги «Өзбекстан Республикасында Инсан ҳуқықлары тараўындағы миллий билимлендириў бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 76-сессиясы ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң 46-сессиясындағы баслама ҳәм усынысларды әмелге асырыў шеңберинде өткен жылдың 5-6-декабрь күнлери Самарқанд қаласында «Инсан ҳуқықлары бойынша билимлендириў» Глобал форумы өткерилгенлиги қарарда мағлыўмат ушын қабыл етилип, Өзбекстан Республикасында Инсан ҳуқықлары тараўындағы миллий билимлендириў бағдарламасы тастыйықланды.
Усы қарар менен тастыйықланған «Миллий билимлендириў бағдарламасы»нда ҳәзирги күнде мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары, билимлендириў мәкемелери халық арасында улыўма инсаныйлық қәдириятлар, инсан ҳуқықларын ҳүрмет етиў ҳәм оған бойсыныў принциплерин оптималластырыў атап өтилген. Сондай-ақ, пуқаралардың ҳуқықый мағлыўматлардан пайдаланыўын тәмийинлеў процессине кеңнен кирисиў зәрүрлиги пайда болып атырғанлығы, жоқары оқыў орынларында, академиялық лицей ҳәм техникумларда инсан ҳуқықлары, ҳаяллар, балалар ҳуқықларына байланыслы оқыў курслары ҳәм сабақлықларының жағдайы ҳәм усы темалар бойынша оқытылыў сапасын үйрениў бойынша мониторинг өткерилген. Нәтийжеде жоқары оқыў орынларында «Инсан ҳуқықларын үйрениў» арнаўлы оқыў курсларының толық жолға қойылмағанлығы, қаржыландырыў мәселелери шешилмегенлиги себепли пәнлер қәнигелиги болмаған оқытыўшылар тәрепинен оқытылып атырғанлығы сынға алынған.
Соның менен бирге, Миллий бағдарлама жәмийетте инсан хуқықлары ҳәм еркинликлерине болған ҳүрмет сезимлериниң пайда болыўы, халықаралық шөлкемлер тәрепинен берилген усыныслардың орынланыўы ушын суд, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлардағы хызметкерлердиң инсан ҳуқықлары бойынша квалификациясын арттырыў бағдарындағы жумысларды системалы жолға қойыў кереклиги нәзерде тутылмақта.
Инсан хуқықлары тараўында билим – ҳәр бир пуқараның инсан ҳуқықларына болған ҳүрметти қоллап-қуўатлаў ҳәм ҳәр тәреплеме оның орынланыўына әмел етиў ең әҳмийетли ўазыйпа болып қалады, деп есаплайман.
Б.Досымбетов,
Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги