Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң 2019-жыл 7-июньдағы «Өзбекстан Республикасы халқына мәлимлеме-китапхана хызметин көрсетиўди буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамыз аймақларында да бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Кегейли районы мәлимлеме-китапхана орайы да халқымызға зия нурын таратып, заман менен тең қәдем таслап киятырған руўхый-ағартыўшылық орынларының бири болып табылады.
-Район ҳәкимлигиниң қоллап-қуўатлаўы менен бурын қамсызландырыў компаниясы балансында болған еки қабатлы имарат районлық мәлимлеме-китапхана орайы балансына берилип, жергиликли бюджет қаржылары есабынан 882 млн сумға капитал реконструкция жумыслары исленди. 150 млн сумға керекли инвентарлар, 40 млн сумға көркем-әдебий китаплар алып берилди,-дейди орай директоры Ақсүңгил Ешбаева.-Сондай-ақ, Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлими тәрепинен де 100 китап саўға етилди. Әсиресе, Халқабад елатында Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги қәўендерлигинде барлық қолайлылықларға ийе заманагөй китапхана қурып берилип, оған 12 мың китап, 10 компьютер, 1 инфокиосктиң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен 3 мың, Бабур атындағы Әндижан ўәлаятлық мәлимлеме-китапхана орайы тәрепинен 1000, Әлийшер Наўайы атындағы миллий китапхана тәрепинен 500 китап ҳәм 5 компьютер, Қарақалпақстан Мусылманлар қазыяты басқармасы тәрепинен 300 диний әдебиятлардың саўға етилиўи китапханамыздың китап фонды ҳәм материаллық-техникалық базасының беккемлениўине үлкен үлес болып қосылды. Соның менен бирге, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров та жаңа китапханада ушырасыў өткерип, өзиниң 30 дан аслам китапларын саўға етти.
Китапханаға көрсетилип атырған бундай ғамқорлықлары ушын республика ҳәм район, Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги, Әлийшер Наўайы атындағы миллий китапхана , Бабур атындағы Әндижан ўәлаятлық мәлимлеме-китапхана орайы, Қарақалпақстан Мусылманлар қазыяты басқармасы басшылары ҳәм кеңпейил халқымыздың жазыўшы-шайырларына өзлеримиздиң миннетдаршылығымызды билдиремиз.
Шынында да Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында исленип атырған бундай кең көлемдеги жумыслар китапхана хызметкерлери ҳәм оқыўшылары ушын үлкен мүмкиншилик ҳәм имканиятлар жаратып берди. Бүгинги күни бул китапхана фондында 20518 атамадағы 83134 нусқада ҳәр қыйлы китаплар, 140 атамада электрон ресурслар, 18 атамадағы газета-журналлар сақланып, олар оқыўшылар тәрепинен пайдаланып келинбекте.
-Мен кишкене ўақытларымнан баслап китап оқыўға қызығаман.,-дейди районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Мусажан Ерлешов.-Келешекте ҳуқық қорғаў уйымы хызметкери болмақшыман. Сонлықтан усы тараў бойынша жазылған әдебиятларды көбирек оқып атырман. Китапханаға заманагөй инфокиоскиниң иске түсиўи бизлерге оғада қолайлы болды. Бизлер буннан нәтийжели пайдаланып атырмыз.
Жоқарыда айтып өткенимиздей Кегейли районында китапхана тараўына қаратылып атырған дыққат-итибар ҳәм ғамқорлықлардың нәтийжесинде аймақ жаслары арасында китапқумарлық және де раўажланып, олардың арасынан руўхый дүньясы бай, дөретиўшиликке қызығыўшы инсанлар өсип жетилиспекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы