Инсанға итибар, ең алды менен, ҳаял-қызларға ҳүрмет көрсетиў, оларды қәдирлеў арқалы әмелге асырылады, десек асыра айтқан болмаймыз. Конституциямыздың 46-статьясында «ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың тең ҳуқықлы» деп белгиленгени елимизде гендер теңлигин тәмийинлеў, Ҳаял-қызлардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик басқарыўдағы ролин арттырыў бағдарындағы системалы реформалар ушын ҳуқықый тийкар болып хызмет етпекте. Бүгинги күнде барлық тараўларда ер адамлардан қалыспай мийнет етип киятырған ҳаял-қызларымыз көплеп табылады.
Усындай қарақалпақ қызларынан бири Шахноза Жолдасова болып, ол илимий ҳәм инновациялық жумыслар менен шуғылланып, өзиниң тараўына жаңалықлар енгизип киятырған қызлардан бири.
Шахноза 1993-жылы 5-август күни Нөкис қаласында туўылған. Ол Нөкистеги 32, 3-санлы ҳәм Ташкент қаласындағы 324-санлы мектеплерде оқып, мектепти питкергеннен соң Ташкент юридика колледжине оқыўға киреди. 2012-2016-жыллар даўамында Ташкент мәмлекетлик юридика университетинде оқып, оны табыслы питкереди ҳәм университеттеги Япон ҳуқықын изертлеў орайында да төрт жыл оқып билим алады. 2016-2018-жылларда усы университеттиң «Халықаралық коммерция ҳуқықы» бағдарын тамамлайды.
Ш.Жолдасова өзиниң мийнет жолын 2018-жылдан Президент Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен ашылған Олий Мажлис жанындағы нызамшылық машқалалары ҳәм парламент изертлеўлери институтында баслап, жетекши илимий хызметкерден бөлим баслығы лаўазымына шекем көтерилген. 2021-жылдан Ташкент мәмлекетлик юридика университети «Конституциялық ҳуқық» кафедрасының доценти, быйылғы жылдан жәмийетшилик тийкарында Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламенти баслығы болып сайланады. Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының ағзасы, 2-дәрежели юрист.
Президентимиздиң басшылығында Жаңа Өзбекстанда Үшинши Ренессансты қурыў ушын анық қәдемлер қойып атырмыз. Жаңа Ояныў дәўири илимниң раўажланыўына, миллий мәнаўияттың беккемлигине байланыслы. Усы өткир ҳақыйқатты терең түсинген ҳалда ҳаял-қызлардың билим алыўы ҳәм илим менен шуғыланыўы ушын елимиз тәрепинен жаңа имканиятлар жаратып берилмекте. Ш.Жолдасова да усы имканиятлардан пайдаланған ҳалда сырт ел парламентлериниң жумысын, олардағы әмелият ҳәм тәжирийбелерди Олий Мажлис палаталарының жумысына енгизиў бойынша усыныслар ислеп шықты. Атап айтқанда, ол «Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқықлар ҳәм имканиятлардың кепилликлери ҳаққында»ғы, «Атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў ҳаққында»ғы, «Нәрестелер ҳәм киши жастағы балалардың аўқатланыўы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларын ислеп шығыўда белсене қатнасқан.
Буннан тысқары, еки палата жанында да Жаслар парламентлерин шөлкемлестириў бойынша алдыңғы сырт ел тәжирийбелерин үйренген ҳалда мәлимлеме-таллаў мағлыўматларын таярлаған. Жаслар парламентлерин шөлкемлестириў бойынша дүзилген жумысшы топарларда жумыс алып барған. Жас илимпаз сыпатында жигирмаға шамалас мақалалардың авторы есапланады.
Ш.Жолдасова жәмийетлик жумысларда да белсене қатнасып келеди. 2018-жылы Нызамшылық машқалалары ҳәм парламент изертлеўлери институтының жаслары менен биргеликте Институт жанында «Жас нызамшылар» клубын шөлкемлестириў басламасы менен шығып, бүгинги күнде усы клубтың баслығы болып табылады. Жасларды нызам дөретиўшилигине тартыў, оларды қабыл етилип атырған нызамлар менен жақыннан таныстырыўда белсене жумыс алып барып атырған хызметкер есапланады.
Ш.Жолдасованың басламасы менен Жаслар парламентинде ӨзМТДПның ағзалар топары (фракциясы) шөлкемлестирилди. Оның усынысы менен Нызамшылық палатасында жас парламентарийлер ҳәм депутатлардың тығыз бирге ислесиўин орнатыў мақсетинде «Устаз-шәкирт» дәстүри енгизилген.
Жаслар парламентиниң баслығы сыпатында 2020-жыл август айында Жаслар ҳуқықлары бойынша өткерилген Халықаралық жаслар веб-форумында белсене қатнасып, Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенция жойбарына усыныслар береди. Соның менен бирге, 2020-жылы ҒМДА мәмлекетлериниң Жаслар парламентлераралық Ассамблеясының XV мәжилисинде Жаслар парламенти ўәкили сыпатында қатнасады.
Қырғызстан, Польша, Германия, Япония, Тәжикстан, Қазақстан, Россия, Египет мәмлекетлеринде болып өткен халықаралық илажларда Өзбекстан делегациясы қурамында қатнасып, елимиздеги жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты басқа мәмлекетлердеги жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаған. Сондай-ақ, ол басшылық еткен команда Россия Федерациясының «Жаслар қарары» кейс чемпионатында 200 команда ишинен сыйлы 3-орынды ийелеген.
Ш.Жолдасова 2021-жылы өзи оқып питкерген Ташкент мәмлекетлик юридика университетинде устазы, юридика илимлериниң докторы, профессор И.Рустамбековтиң басшылығында «Сырт ел ҳуқықын миллий нызамшылықта қолланыў машқалалары» темасындағы PhD диссертациясын жоқары дәрежеде жақлайды.
Бүгинги күнде Шахноза 20 дан аслам тезислер, Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары аттестация комиссиясында ҳәм белгили халықаралық рейтинглерде дизимге алынған журналларда 20 дан аслам илимий мақалалардың, 2 монографияның авторы болып табылады. Сондай-ақ, оның мәмлекет ҳәм жәмийеттиң ҳәр қыйлы жәмийетлик-сиясий мәселелерине бағышланған 50 ден аслам аналитикалық, публицистикалық мақалалары жарық көрген.
Соның менен бирге, Ш.Жолдасова 10 ға шамалас мәмлекетлердеги хызмет сапары даўамында өзиниң тараўы бойынша ҳәр қыйлы баянатлар менен қатнасқан. Атап айтқанда, 2021-жылы Египет Араб Республикасында БМШтың Коррупцияға қарсы гүресиў конвенциясы қатнасыўшы-мәмлекетлердиң конференциясында «Коррупцияға қарсы гүресиўде жаслардың роли», 2022-жылы Санкт-Петербург қаласында ҒМДА мәмлекетлери Жаслар парламентлераралық ассамблеясында «Өзбекстандағы жаслар парламентаризминиң раўажланыўы» темасында баянат жасаған.
Республика көлеминде шөлкемлестирилген белгили 100 ден аслам конференция, форум ҳәм семинарларда баянатшы сыпатында қатнасқан. Жумыстағы ҳәм жәмийеттеги белсендилиги ушын 200 ден аслам сертификат ҳәм алғыснамалар, сондай-ақ, 2021-жылы «Ғәрезсизликтиң 30 жыллығы» ҳәм 2022-жылы «Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгилери менен сыйлықланған. 2021-жылы 30-июнь – «Жаслар күни»нде оған Президентимиз тәрепинен «Келажак бунёдкори» медалы тапсырылды.
М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы