Европа Жер орта теңизи сейсмологиялық орайының хабар бериўинше, 23-февраль күни жергиликли ўақыт пенен саат 06:37 де 6,8 магнитудалы жер қыймылдаўы дизимге алынды.

Эпиорайы Тәжикстанның Мургаб районындағы жер силкиниў Қырғызстан, Өзбекстан, Пакистан, Қытай ҳәм Аўғанстанда сезилген.

Өзбекстан АЖМ Сейсмопрогностикалық мониторинг республикалық орайы Тәжикстанда жүз берген жер силкиниў эпицентри Ташкенттен 435 километр қубла-шығыста болған.

Қоңсы мәмлекетте алты мәрте жер силкиниў жүз берген болып, Ташкент ўақты менен саат 05:37, 05:55, 06:06, 06:35, 07:07, 07:18 де 4 магнитуда әтрапында силкиниўлер жүз бергени хабар бериледи.

Ташкентте жер силкиниўдиң дәслепки сезилиў күши 3-4 баллға тең болған.

ӨзА