Ҳәр бир аймақ турғынларының турмыс шараятын жақсылаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў Президентимиздиң басламасы менен енгизилген орынлардағы ҳәким жәрдемшилериниң  жумысларына тиккелей байланыслы десек асыра айтқан болмаймыз.

Шымбай районында да өзлерине жүкленген жуўапкерли ўазыйпаларды атқарып киятырған ҳәким жәрдемшилерин көплеп ушыратыўға болады. Солардың бири сыпатында райондағы “Темир жол гүзары” мәкан пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси Әзизбек Тажетдинов тәрепинен алып барылып атырған жумыслардың мысалынан көриўимизге болады.

Биринши гезекте ҳәким жәрдемшиси тәрепинен “Мәҳәлле кесиминде” ислесиў системасында 1мың 156 шаңарақ  бирме-бир хатлаўдан өткерилип, олардың социаллық-экономикалық жағдайына қарап, 4 категорияға ажыратылды. Нәтийжеде 274 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди. Сондай-ақ, 87 шаңарақлық исбилерменлик жойбарын әмелге асырыў ушын 2,1 миллиард сум кредит ҳәм 14 пуқараны исбилерменликке тартыў, оларға мийнет қураллары ҳәм әсбап-үскенелер  алып бериў ушын  102,5 миллион сум субсидия ажыратылды.

Аймақта 41 исбилерменлик субъекти жаңадан шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, пуқаралар жыйынының Инвестиция бағдарламасы киргизилмеген, ҳәким жәрдемшисиниң қадағалаўында болған санаат, хызмет көрсетиў бағдарындағы 5 киши жойбардың иске түсирилиўи нәтийжесинде  33 жаңа жумыс орны жаратылды.



Атап айтқанда, Қәдирберген Мамутов жеке исбилерменлик тийкарында ҳәким жәрдемшисиниң көмегинде ажыратылған  33 миллион сум жеңилликли кредит есабынан еркеклер шаштәрезханасын ашып, 4 жаңа жумыс орнын жаратты ҳәм бүгинги күни халыққа хызмет көрсетпекте. Гүлжамал Турсынбаева тигиўшилик кооперациясын шөлкемлестирип, аймақтағы жумыссыз ҳаял-қызларды ағза етти. Оған ажыратылған 81 миллион сум субсидия есабынан жаңадан  30  жаңа жумыс орны жаратылып, жумыс баслап жиберди. “Абзал темир өнимлери” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине ҳәким жәрдемшиси тәрепинен усыныс етилген  225 миллион сум жеңилликли кредит есабынан үскене сатып алынып, қурылыс материаллары ислеп шығарылмақта. Кәрханада 5 пуқараның бәнтлиги тәмийинленип,  халықты арзан ҳәм сапалы қурылыс материаллары менен тәмийинлеп келмекте.




–Президентимиз тәрепинен берилип атырған жеңилликлерден пайдаланған ҳалда быйылғы жылы  саўда ҳәм сервис бағдарында 146, өнерментшилик тараўында  8, исбилерменликти раўажландырыў есабынан 97,  жәми 251 жаңа жумыс орны жаратылады,–дейди ҳәким жәрдемшиси Әзизбек Тажетдинов.–Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 2,6 миллиард сум қаржы ажыратылыўы есабынан 105 пуқараның, 12 бағдар бойынша 110 миллион сумлық субсидия ажыратылыўын тәмийинлеў, пуқаралар жыйыны аймағындағы “лидер” исбилерменлер менен кооперация жойбарларын әмелге асырыў есабынан 20 кем дәраматлы ҳәм жумыссыз пуқараның бәнтлигин тәмийилеў бойынша “Жол картасы” ислеп шығылды. Буннан тысқары, аймақтағы бос объектлерден нәтийжели пайдаланыў, қурылысы ақырына жеткерилмеген объектлерди иске қосыў  ҳәм исбилерменликти жайластырыў, аўыл хожалығында пайдаланылмай атырған жер майданларын анықлап, оларды аукцион саўдалары арқалы сатылыўын тәмийинлеў, соның есабынан жаңа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў арқалы 20 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў режелестирилген.

Солай етип, быйылғы жылы аймақта бир қатар жумысларды әмелге асырыў, усы арқалы халықтың исенимине ерисиў, белгиленген ўазыйпалардың ҳәр бириниң орынланыўын тәмийинлеў баслы мақсет етип алынған. Өткен жылдың жуўмағы бойынша “Online Mahalla” порталы системасы арқалы 5 көрсеткиш бойынша жақсы нәтийжеге ерискен ҳәким жәрдемшиси быйылғы жылы да өзине жүкленген ўазыйпалардың орынланыўына ериседи деген үмиттемиз.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги