Президенттиң 2022-2026-жылларға мөлшерленген «Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы пәрманы жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.

Онда «Жаңа Өзбекстан» массивлерин раўажландырыў ҳәм халықтың турақ жайға болған талабын қанаатландырыў мақсетинде 2023-жылы 53 «Жаңа Өзбекстан» массивлери ҳәм 161 басқа да массивлерде, соның ишинде, жеке меншик жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлер тәрепинен жаңа турақ жайлар қурыўдың жыллық көлемлери 2 есеге арттырылып, 90 мыңға жеткерилетуғыны белгиленди.

Мәлим етилиўинше, 2022-жылы 44 мың квартира қурылып ҳәм пайдаланыўға тапсырылған болып, белгиленип атырған илажлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде, 2023-жылы қурылатуғын квартиралар саны өткен жылға салыстырғанда кеминде 100 процентке көбейеди.

26 мың пуқараға базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлери, сондай-ақ, 11 мың пуқараға басланғыш төлем ҳәм процент төлемлериниң бир бөлегин қаплаўға субсидиялар ажыратыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен жетерли қаржылар қаратылады.

Нәтийжеде, 2023-жылы халыққа ипотека кредитлери шеңберинде басланғыш төлем ҳәм процент төлемлериниң бир бөлегин қаплаўға 1 триллион сўм муғдарында субсидия ажыратылады.

Халықты базар принциплери тийкарында ипотека кредитлери арқалы турақ жай менен тәмийинлеўдиң енгизилген жаңа тәртиби шеңберинде мүлк ҳуқықы тийкарында турақ жайға ийе болмаған пуқаралар ушын Ташкент ўәлаятында тәжирийбе-сынақ түринде «Мениң биринши үйим» бағдарламасының ислеп шығылыўы нәзерде тутылмақта.

Халықаралық ҳәм жергиликли фонд биржаларында «Өзбекстан ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы» АЖның ипотека облигацияларын жайластырыў есабынан тартылған қаржылар ипотека кредитлери ушын ресурс сыпатында банклерге жайластырылады. Нәтийжеде, халыққа қосымша 3 мың ипотека кредитлери ажыратылады.

ӨзА