Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң шөлкемлестириўинде Арқа-Батыс әскерий округинде жоқары билим бериў орынларының арасында «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы өткерилди.
Таңлаўға жәми 700 ден аслам жаслар қатнасты.
Таңлаў еки шәрттен ибарат болды. Биринши шәрт «Жаңа жылда жаңа ҳәзил», екинши шәрт «Студент болған қызық-тә», деп аталып, қатнасыўшылар оны студентлер турмысында, әскерий хызметкер болыўды қәлейтуғын жаслар арасында ушырасыўы мүмкин болған қызықлы ўақыялар арқалы сәўлелендириўге ҳәрекет етти.
Командалардың шығыўлары төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.
Таңлаў нәтийжелерине бола Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденияты институты Нөкис филиалының «Пегас-шоу» командасы биринши, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран» командасы екинши, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Жайҳун», Муаммед аль-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық-технологиялар университети Нөкис филиалының «Парнас» командалары үшинши орынды ийеледи.
– Бизлер де усы таңлаўда қатнасқанымыздан қуўанышлымыз. Себеби, бул таңлаўға таярланыў барысында өз үстимизде ислеп, изленип көплеген қосымша билимлерге ийе болдық. Таңлаў даўамында басқа жоқары оқыў орынларынан бир қанша дослар арттырдық,-дейди Ташкент информациялық-технологиялар университети Нөкис филиалының жаслар жетекшиси З.Мақсетбаев. – Ендиги таңлаўларға буннан да жақсы таярлықлар менен келиўге ҳәрекет етемиз.
Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы кубок, диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги