Улыўма билим бериў мектеплерин быйыл тамамлайтуғын жасларды үлкен турмысқа таярлаў, оларды кәсипке бағдарлаў бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм билимлендириў мәкемелери тәрепинен бир қатар жумыслар алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының жуўапкер хызметкерлери ҳәм бажыхана институтының 4-курста оқыйтуғын курсантларының қатнасыўында Нөкис қаласындағы 25-санлы улыўма билим бериў мектебиниң питкериўши класс оқыўшылары менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Оқыўшылар бажыхана уйымларының жумыслары ҳәм миннетли ўазыйпалары ҳаққында толық мағлыўматлар, бажыхана институтында жаратылған шараятлар, оқыў бағдарлары туўралы кең түрде түсиниклерге ийе болды. Атап өтилгениндей, институттың есиги келешекте елимиз шегараларында мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеўдей үлкен ўазыйпаларды орынлаўға қарар еткен ҳақыйқый мәрт жаслар ушын бәрқулла ашық.
– Бажыхана институты турмысының ҳәзирги ўақытта усы институтта билим алып атырған 4-басқыш курсантлары тәрепинен әмелий мысаллар арқалы айтып берилиўи, өзлериниң пикир-усыныслары менен ортақласыўы оқыўшыларда үлкен тәсир қалдырды, деп ойлаймыз,-дейди бажыхана басқармасының жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топарының аға инспекторы Юлдуз Қудиярова. – Бажыхана институтында оқыў 4 жылдан ибарат болып, бажыхана иси (математика, инглиз тили) ҳәм бажыхана исин жүргизиў (тарийх, инглиз тили) тәлим бағдарларында оқыўға кириўди қәлейтуғын талабанлар усы жылдың 1-апрель күнине шекем өзлериниң ҳүжжетлерин тапсырыўы мүмкин.
Психологиялық тест, физикалық таярлық ҳәм аўыз-еки сәўбетлесиў шәртлеринен табыслы өткен талабанлар Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен абитуриентлерден алынатуғын тест сораўларына жолламаны қолға киргизеди ҳәм тест нәтийжелерине бола жоқары балл топлағанлар оқыўға қабыл етиледи.
Ушырасыўда оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги