«Устаз атаңдай уллы» -деген ата-бабаларымыздың сөзи бийкарға айтылмаған. Мен өзимниң устазым Жақсымурат аға Мәмбетовты Қарақалпақстан Республикасында еркин гүрес спорты жоқ болып баратырған ўақытлары оны сақлап қалған ҳәм бул спорт түриниң бүгингидей дәрежеге жетип келиўине үлкен үлес қосқан «уллы устаз» деп билемен.

Ол өзиниң тренерлик еткен дәўиринде қаншама адамды еркин гүрес түрине қызықтырып, оларды туўры жолға салды. Көпшилик жасларды жолы бузық жынаятшы болыўдан устазлық тәлим-тәрбиясының нәтийжесинде аман сақлап қалды. Жақсымурат ағаның тынымсыз ислеген пидайы мийнетлериниң арқасында, көплеген жаслар Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан чемпионлары атанып, «Устаз» сыяқлы боламыз деп жоқары оқыў орынларына кирди. Олар республикамызда еркин, самбо, дзюдо, миллий, бел алысыў гүреслерин раўажландырыў мақсетинде көплеген жумыслар иследи.

Қарақалпақстанда еркин гүрес түри бойынша секция шөлкемлестирген инсан бул ташкентли әскерий хызметкер Константин Цой еди.

Ол Ташкентке қайтып кеткеннен соң оның жумысын шәкиртлери Алексей Иванович Хегай ҳәм Рафаэл Келимбетовлар даўам еттирди. Сол ўақытлары аўылхожалық техникумы студенти болған Жақсымурат Мәмбетов Қараөзек районы «Қарабуға» (ҳәзирги А.Досназаров аўыл пуқаралар жыйынына қараслы)  аўылынан келип еркин гүрес пенен шуғылланыўды баслайды.

Устазы А. Хегайдың усынысы менен Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының дене тәрбия факультетине оқыўға тапсырып, бул оқыў дәргайын табыслы питкерип шығады.

Сол жыллары Жақсымурат ағаның устазы Алексей Хегай басқа тараўға жумысқа араласып кетсе, Рафаэл Келимбетов басқа спорт түринен тренер болып кетеди.

Сонлықтан институтты табыслы тамамлаған устазымызды Қарақалпақстан Республикасы Спорт комитети баслығы Нийетулла Сейтназаров Халық билимлендириў министрлигине қараслы спорт мектебине тренер етип жумысқа алып қалады ҳәм оның келешекте еркин гүрес түрин елимизде раўажландыратуғын тренер болатуғынлығына исеним билдиреди.

Мине, соннан баслап ол спорт мектебине Нөкис қаласында жайласқан мектеплерден балаларды жыйнап, олар менен қызғын шуғылланыўлар алып барады.   Усы жас балалар арасында бизлер де болып, устазымыздан еркин гүрестиң әлўан түрли сырларын үйрендик ҳәм Өзбекстан көлеминде өткерилетуғын жарысларға қатнастық.

Жақсымурат Мәмбетовтың пидайы мийнетлериниң нәтийжесинде бурын ең ақырғы орынларда жүретуғын Қарақалпақстан сайланды командасы Өзбекстан чемпионатында күшли үшликке кириўге миясар болды.

Устазымыздың өзи де ересеклер арасында усындай жарысларға қатнасып,  сыйлы орынларды ийеледи. Еркин гүрес, дзюдо ҳәм миллий гүрес бойынша республикамыз сайланды командасы қурамында жарысларға қатнасып, жеңимпаз атанды ҳәм усы үш спорт түринен де спорт шебери атағына миясар болды.

Енди усы мақалам арасында устазымыздың гүреске түскенлиги бойынша өз көзим менен көрген ўақыяны айтып берейин.

1979-жылы Өзбекстанда ҳәзирги Универсиада жарысларына уқсаған «Буревестник» жарысы өткерилди. Оған жоқары оқыў орынлары студентлери менен бирге университет оқытыўшылары да қатнасатуғын еди.

Еркин гүрес бойынша Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамында мен, Нөкисбай Түклибаев, Махсуд Саидов, Бахый Жумамуратов, Жақсымурат Мәмбетов ҳәм тағы басқалар қатнасты.

Сол жарыста 82 кг салмақта қатнасқан устазым Жақсымурат Мәмбетов ярым финалда Махсуд Саидовты таза жеңис пенен утып, финал жолламасын қолға киргизди. Сол ўақытта ол 36 жаста еди.

Финалда болса оған Ташкент мәмлекетлик Денетәрбия институты оқытыўшысы, еркин гүрес бойынша бурынғы аўқам спорт шебери  Фикрат Керимов қарсы шықты. Финалда ҳеш ким утылғысы келмейди. Сол ўақытлары гүрес 3 бөлимнен ибарат еди. Биринши бөлимниң соңғы минутлары Фикрат Керимов усыл ислемекши болды. Сол гезде Жақсымурат аға оннан бурын Фикраттың билегиниң жоқарысынан услап, екинши қолы менен оның алыста турған аяғынан услап ийнине көтерип айландырып, «мельница» усылын ислеп жиберди.

Буған ашыўланған Фикрат қайтадан устазымызға асылған ўақытта екинши мәрте мельница усылын ислеп, қарсыласын көтерип алып гилемге гүрс еттирип түсирди. Зал уў-шуў. Ҳәмме ҳайран. Себеби, өзинен 10-15 жас киши пүткил елимизге белгили спорт шеберин, қарақалпақтың жасы үлкен тренери ылақтырып жибереди деп залдағы ҳеш ким күтпеген еди.

Соннан биринши бөлим тамамланып, бизлер Жақсымурат ағаның қолларын, билеклерин уўқалап, сүлги менен желпип атырмыз.

Екинши бөлим басланып, онда теңдей гүрес болды. Ҳәзирше Жақсымурат аға есапта алдында. Бир ўақытлары ағамыз шаршадыма билмедим, қарсыласына еки аяқтан услап көтериў усылына берип қойды. Енди бул усылдан оның қутылып кетиўи қыйын еди ҳәм соңғы минутларда Фикратға жеңилип қалды.

Деген менен, Жақсымурат аға жасы үлкен болса да, сол жарыста  екинши орынды ийелеўге миясар болды.

Оның менен гүрескен спорт шебери Фикрат Керимов ҳәзир илим докторы, профессор ҳәм академик болып есапланады. Сол жылғы «Буревестник» жарысында еркин гүрес бойынша Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы сыйлы 3-орынды жеңип алыўға еристи. Әлбетте, спортшыларымыздың бундай жоқары табысқа ерисиўи устазымыз Жақсымурат аға Мәмбетовтың ислеген мийнетиниң жемиси еди.

Фикрат Керимов пенен ушырасып қалсақ, ол меннен бәрҳа Жақсымурат ағаны сорайды. «Старик как. Он меня кинул, ёще два раза подряд» деп ҳүрмет пенен еске алады.

Пурсаттан пайдаланып, пидайы устазымыз Жақсымурат аға Мәмбетовты 80 жасқа шыққан юбилейи менен республикамыздағы шәкиртлери атынан шын жүректен қутлықлайман.

Өзине беккем денсаўлық, шаңарағына аман-есенлик, аўызбиршилик, дастурханына қут-берекет тилеймен. Илайым жеңгемиз Қалжан менен бирге өсирип атырған ул-қызлары, ақлық-шаўлықларының рәҳәтин көре берсин.


Мурат Қосбатырович Каукышев,

Еркин гүрес бойынша бурынғы аўқам спорт шебери.

Қарақалпақстанға мийнети сиңген тренер.

Қарақалпақстан хабар агентлги