Қарақалпақстан Республикасы судында Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейиниң оқыўшылары менен дөгерек сәўбети өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы судының кадрлар менен ислесиў бойынша жуўапкерли хызметкери, судья аға жәрдемшиси А.Абдрасулиев, бас консультанты М.Бектурғанов, лицей муғаллими Ш.Ибрагимовлар шығып сөйлеп, оқыўшыларға суд системасы, суд-ҳуқық реформалары, судлардағы мәлимлеме-коммуникация имканиятлары туўралы мағлыўматлар берилди.
Оқыўшыларға Өзбекстан Республикасының суд системасы, судтың ўазыйпалары, биринши мәрте судьялық лаўазымына талабанға қойылатуғын талаплар, судларда кадрлар менен ислесиў, судтың қадрлар резервин қәлиплестириў, суд уйымларына жумысқа кириў тәртиби ҳәм талаплары, мәмлекетимиздеги соңғы суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылған реформалар ҳаққында кеңнен айтып өтилди.
Сондай-ақ, ислерди видеоконференц байланыс арқалы көриў, суд қарарларының көширмелерин электрон тәртипте интернет арқалы алыў, суд мәжилислерине аралықтан турып қатнасыў, мәкемелер менен интеграцияланыў имканиятлары ҳаққында кеңнен түсиниклер берилди.
Буннан соң оқыўшылар суд имаратындағы мәлимлеме-коммуникация үскенелери, суд мәжилиси заллары менен танысты.
- Лицейимизде ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа да тийисли мәкемелер менен бирге оқыўшылардың әмелий билимлерин арттырыў мақсетинде көшпели оқыў-сабақларын шөлкемлестириў жолға қойылған. Бүгин бизлер Қарақалпақстан Республикасы судына келип, бул жердеги қәнигелерден олардың жумыслары ҳаққында көплеген мағлыўматларға ийе болдық. Ушырасыў даўамында алған билимлеримиз бизге әмелий сабақ болды, десек қәтелеспеймиз,-дейди лицей оқыўшысы Әзиз Қудайбергенов.
Оқыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги