Республикамызда тәбийғый климаттың кескин континентал болғаны ҳәм дәрьяның аяғында жайласқаны себепли жыл-жылға уқсамайды. Ҳәр жылдың өзине тән қолайлы ҳәм қолайсыз тәреплери болып, оны мийнетте зәбердес атайы дийқан-фермерлер мәртлик пенен жеңип шықпақта. Елимиздиң ең арқа-шығыс аймағында жайласқан Тахтакөпир районының халқы да усындай тәбият ынжықлықларын жеңип, аўыл хожалығында бир қатар табысларды қолға киргизип киятыр. Бизлер район ҳәкиминиң аўыл хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Сейдулла Досбергеновтан өткен жылдың жуўмағы ҳәм быйылғы жылы ислениўи тийис ўазыйпалар бойынша сәўбетлестик.
-Сейдулла Бектурсынович аўыл хожалығында өткен жылы қандай нәтийжелерге ерисилгени ҳаққында айтып өтсеңиз?
– Районымыз бойынша өткен жылы 3900 гектар жерге шигит егилип, «Қарақалпақстан Агрокластер» жуўапкершилги шекленген жәмийети менен 9195 тонна пахта шийки затын жеткерип бериў бойынша контрактация шәртнамалары дүзилди ҳәм дийқан фермерлеримиз тәрепинен агротехникалық қәделерге сай тәрбия жумыслары алып барылды. Нәтийжеде ҳәр бир гектардан орташа 24,2 центнерден өним жетистирилип, белгиленген реже 102,7 процентке орынланды.
Сондай-ақ, 2800 гектар жерге егилген гүзлик бийдайдан да дийдиленгендей өним жетистирилип, белгиленген реже 103 процентке артығы менен орынланды ҳәм соннан 1517 гектар жерине тәкирарый егинлер егилди. Атап айтатуғын болсақ, 84 гектарға овощ-палыз, 305 гектарға собықлы дән егинлери, 278 гектарға майлы егинлер, 296 гектарға от-жемлик егинлер егилип, олардан да мол өним жыйнап алынды.
Ал, 771,3 гектар майданға егилген салыдан 929 тонна өним «Шымбай дән» кәрханасына орып-жыйнап тапсырылды.
Тахтакөпир районы ҳәкиминиң 2022-жыл 17-октябрьдеги арнаўлы шешими менен 2022-2023-жылдың қысқы ҳәм бәҳәрги мәўсиминде район халқының тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлерине болған талабын қанаатландырыў мақсетинде, 110 тонна картошка, 89 тонна пияз, 200 тонна гешир, 256 тонна гүриш азық-аўқат резервине жәмленди.
– Быйылғы жылға қандай таярлықлар көрилмекте?
– Бизиң ата-бабаларымыз «жер сүрсең гүз сүр, гүз сүрмесең жүз сүр»,-деп бийкарға айтпаған. Сонлықтан дийқаншылықтан мол зүрәәт жетистириў мақсетинде, 2023-жылдың егис мапазына таярлық жумысларын гүзги шүдигарлаў ҳәм атызларды тегислеў жумысларынан баслап жибердик. Атап айтатуғын болсақ, гүз мәўсиминде 2261 гектар жерге сүрим, 1208 гектарға жер тегислеў жумыслары алып барылды.
Сондай-ақ, 3900 гектар шигит егилетуғын майданларға шор жуўыў жумысларын алып барыў режелестирилип, соннан бүгинги күнге шекем 1602 гектар жерде шайып суўғарыў жумыслары алып барылды ҳәм бул жумыслар елеге шекем даўам етпекте.
Соның менен бирге, 35 сүрим, 48 транспорт тракторлары, 43 культиватор, 380 тисли барона, 22 мала, 9 НРУ, 72 тиркеме, 7 дән, 24 шигит егиў сеялкасы, 8 лазерли жер тегислегишлер техника ремонтына тартылып, ҳәзирги күнлери орынларда ремонт жумыслары алып барылмақта.
– Быйыл район бойынша қанша гектар жерге ҳәм қандай аўыл хожалығы егинлерин егиў режелестирилмекте?
-Тахтакөпир районы бойынша жәми 32 мың 655 гектар егислик жерлер болып, соннан 19 мың 299 гектар жерге аўыл хожалығы егинлерин жайластырыў режелестирилмекте.
Соның ишинде, 4000 гектар жерге пахта, 3300 гектарға бийдай, 1000 гектарға салы, 5070 гектарға от-жемлик егинлер, 1150 гектарға айғабағар, 1063 гектарға гүнжи, 315 гектарға овощ, 220 гектарға палыз, 200 гектарға картошка, 950 гектарға интенсив бағ нәллери, 400 гектарға соя, 281 гектарға мәш, 10 гектарға тут, 5 гектарға жүзим ҳәм 965 гектар төмен бонитетли жерлерге көп жыллық терек нәллерин егиўди режелестирип қойыппыз.
Ҳәзирги күнлери тахткөпирли дийқан-фермерлер өз алдыналарына қойған усындай ийгиликли мақсетлерин әмелге асырыў ушын егиске пуқта таярлықлар көрип, пидакерлик пенен мийнет етпекте.
-Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы