Өзбекстан денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Биз – жаслар нәшебентлик ҳәм психотроп затларға қарсымыз!» сүрени астында Ишки ислер министрлиги, Муҳаммед ибн аль Беруний атындағы орта арнаўлы билим журты, Республика наркологияға қәнигелестирилген илимий-әмелий тексериў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы ўәкиллери менен студент-жаслардың ушырасыўы өткерилди.
Жаслар арасында нәшебентлик иллетиниң тарқалыўына жол қоймаў, оның ақыбетинде жүзеге келиўи мүмкин болған жынаятлардың алдын алыў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Быйылғы жылдың февраль айы даўамында республикамызда нәшебентлик затлардың тарқалыўының алдын алыў айлығы өткерилмекте.
Илажда бул иллеттиң инсанның өмири ҳәм денсаўлығы ушын қаншелли қәўипли екенлиги ҳәм жаслар тәрепинен әмелге асырылатуғын көп ғана ҳуқықбузарлықларға, мине, усы иллет себеп болып атырғаны атап өтилди. Нәшебентлик себепли нәрестелердиң майып болып туўылыўы, шаңарақлардың ажырасыўлары көбейип, жер жүзинде миллионлаған адамлар өмирден көз жумып атырғаны ҳаққында да турмыстан мысаллар келтирилди.
– Нәшебентлик социаллық кеселлик, -дейди нарколог-шыпакер М.Ешмуратов. -Оның алдын алыў, ең алды менен, оған себеп болатуғын дәреклерди сапластырыў арқалы әмелге асырылады. Сондай-ақ, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды спортқа тартыў, руўхый дүньясын улыўма инсаныйлық қәдириятлар ҳәм миллий мақтаныш, ўатансүйиўшилик сезимлери менен байытыў сыяқлы кең көлемли илажларды әмелге асырыў керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги