Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен 1-февральдан 1-мартқа шекем елимизде «Аўыл хожалығы хызметкерлериниң саламатлығы айлығы» акциясы өткерилмекте.
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң «2023-жылда аўыл хожалығы тараўында хызмет етип атырған халық арасында профилактикалық тексериўлер, скрининг бағдарламаларын режели шөлкемлестириў, медициналық тексериў нәтийжелерине бола, кеселлик анықланған халықты емлеў, бәҳәр мәўсиминиң қызғын дәўирине шекем денсаўлығын беккемлеў илажларын көриў ҳаққында»ғы хаты тийкарында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша өткерилип атырған айлық шеңберинде аграр тараўда хызмет етип атырған фермерлер, дийқан ҳәм бағманлар, кластер хызметкерлери менен олардың шаңарақ ағзалары тереңлестирилген профилактикалық медициналық тексериўден өткерилмекте, -дейди Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыў орайы Нөкис қалалық бөлими валеолог шыпакери Т.Рахметова. -Нәтийжеде биринши мәрте кеселлик анықланған пуқаралар диспансерлик қадағалаўға алынып, индивидуал саламатландырыў режелерин дүзиў белгиленген. Өткир ҳәм созылмалы кеселлик анықланған пуқаралар ушын амбулатор шараятта күндизги емлеў бөлимлериниң имканиятларынан, стационар жәрдемге мүтәж болғанларды емлеўде Республика қәнигелестирилген орайлар ҳәм емлеўханалардың имканиятларынан пайдаланыў белгиленген.
Олардың шаңарақ ағзалары арасында ҳәмиледарлар, жақында туўған ҳаяллар ҳәм олардың нәрестелери, жатып қалған кекселер, басқалардың қараўына мүтәж майыплар орнатылған тәртипте шаңарақ шыпакери ҳәм мийирбийкеси тәрепинен патронаж қадағалаўының орнатылыўы ҳәм зәрүр болғанда тар қәнигелердиң үйге барып көриўин шөлкемлестириў белгиленген.
Медициналық тексериў нәтийжелери бойынша мийнет етиў қәбилетин жоғалтқан, организм функциясының бузылыўы ҳәм турмыстағы ҳәрекетиниң шекленгенин есапқа алып, майыплық белгилениўи зәрүр болған контингентлерге майыплықты белгилеў ушын ШМЭК (шыпакерлик медициналық эксперт комиссиясы)лерге жолламалар берилиўи белгиленген.
Акция Тахтакөпир районында басланып, Өзбекстан аўыл пуқаралар жыйынындағы шаңарақлық шыпакерлик пунктинде аўыл хожалығы хызметкерлери ҳәм шаңарақ ағзалары медициналық тексериўден өткерилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги