Қарақалпақ музыка тараўының  раўажланыўында бақсышылық өнериниң тутқан орны айрықша. Атақлы Ақымбет бақсыдан басланған бул миллий өнеримиз Муўса бақсы, Шерназар бақсы, Есжан бақсы Қосполатов, Ҳүрлиман бақсы, Қәнигүл бақсы, Әмет бақсы Тарийхов, Генжебай Тилеўмуратов, Турғанбай Қурбанов сыяқлы уллы дарғалар тәрепинен раўажландырылып, бүгинги күни көркем өнеримизди жаңа басқышларға алып шықпақта.

Мине усындай белгили бақсыларымыздың халқымызға қалдырған бай мийрасын үйрениў ҳәм жас әўладларымызға жеткериў илимпазлар, көркем өнер изертлеўшилериниң алдында турған әҳмийетли ўазыйпалардың бири болып табылады.

1882-1937-жыллары аралығында жасаған Шерназар бақсы да өз дәўириниң ең белгили хош ҳаўаз бақсыларынан болып, Шерназар намасын дөреткен ҳәм бүгинги күни бул  нама «Сайра дуўтар», «Попурри» атамалары менен республикамыздағы бақсылар ҳәм оркестр сазенделери тәрепинен атқарылып келинбекте. Сондай-ақ, ол бақсышылықта өз алдына үлкен мектеп жаратқан атақлы бақсылардың бири. Атап айтатуғын болсақ, оның шәкиртлери арасынан Есжан бақсы , Қәнигүл бақсы, Қудайберген бақсы, Тыныбай бақсы сыяқлы халқымыздың  сүйикли бақсылары өсип жетилисип, қарақалпақ көркем өнер тараўын раўажландырыўда үлкен хызметлер ислеген.

Жақында Шерназар бақсының хызметлерин халыққа кеңнен таныстырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў мақсетинде пайтахтымыздағы Бердақ атындағы қарақалпақ әдебияты тарийхы миллий музейинде саз-сәўбетли кеше шөлкемлестирилди.

Онда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, композитор Қурбанбай Заретдинов, Өзбекстан халық бақсысы Теңелбай Қаллиев, музей директоры Шәригүл Пайзуллаевалар Шерназар бақсының миллий музыкамыз, соның ишинде, бақсышылықты раўажландырыўда тутқан орнын айрықша мақтаныш пенен айтып өтип, оның қалдырған мийрасларын үйрениў,  Шерназар бақсының ҳүрметине ол жасап өткен Кегейли ҳәм Нөкис районларында жас бақсылар таңлаўын өткериў ҳәм Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң бирине бақсының атын қойыў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Илажда Шерназар бақсының ақлығы Оралбай Шерназаров та шығып сөйлеп, атасына көрсетип атырған ҳүрмет-иззети ушын шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдирди ҳәм Бердақ атындағы қарақалпақ әдебияты тарийхы миллий музейине художник Әжинияз Қудайбергенов тәрепинен салынған «Шерназар бақсы» портретин саўға сыпатында тапсырды.

-Республикамызда бақсышылықты және де раўажландырыў мақсетинде, аймақларда ҳәр қыйлы таңлаўлар ҳәм әдебий кешелер өткерип атырмыз,-дейди бизге Өзбекстан халық бақсысы Теңелбай Қаллиев.-Атап айтатуғын болсақ, өткен жылы декабрь айында халқымыздың сүйикли бақсысы Әмет Тарийховтың ҳүрметине 18 жасқа шекемги жас бақсылар арасында таңлаў өткерген болсақ, 27-февральда усы бақсымыздың туўылғанына 100 жыл толыў мүнәсибети менен 50 жастан жоқары болған бақсылар арасында республикалық  жарыс өткериўди режелестиргенбиз. Март-апрель айларында Шерназар бақсы бойынша илимий-теориялық әнжуман өткериўди де ойлап қойыппыз.

Ҳақыйқатында да «Жақсының жақсылығын айт, ийманы тассын» дегениндей, Шерназар бақсы туўралы халық арасында аңыз-әпсаналар көп. Оларды келешек жас әўладқа жеткериў ҳәм олардың ислеген хызмети менен атын мәңгилестириў бизиң ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамыз болып табылады.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы