Алдын хабар бергенимиздей, Төрткүл районы орайынан 60 километр узақта жайласқан «Қумбасқан» аўыл пуқаралар жыйынында аймақ турғынларының бүгинги турмысынан, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разылығын тәмийинлеў мақсетинде кең көлемли жумыслар исленбекте.

Топырақ жолларға, көшелерге қум-щебень араласпасын (ЩПС) төгиў, абаданластырыў илажларының сапалы ҳәм белгиленген мүдетте жуўмақланыўын тәмийинлеў, халықтың турмыс дәрежеси менен танысыў мақсетинде жуўапкер уйымлардың ўәкиллери усы аўылға келди. 50 ге шамалас жүк машиналарында алып келинген қум-щебень араласпасын аўылдағы топырақлы көшелерге жайыў жумыслары баслап жиберилди.

– Төрткүл районының «Қумбасқан» мәҳәллесинде қайырлы илажлар әмелге асырылмақта, -дейди Төрткүл районы бас имам хатиби Досназар Қылычев. – Президентимиздиң басламасы менен бундай абаданластырыўға қаратылған ийгиликли ислер елимиздиң барлық аймақларында даўам етпекте. Елимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абадан турмысы ушын исленип атырған бул илажларға ҳәр биримиз аўызбиршилик пенен қатнассақ Ўатанымыз және де гүллеп-жаснайды.

Абаданластырыў илажларына аўылға бириктирилген абаданластырыў, жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы районлық бөлимлериниң хызметкерлерине миллий гвардия хызметкерлери де қолқанат болмақта. Сондай-ақ, аймақта хызметкерлер ушын шараятлар ҳәм ыссы аўқат шөлкемлестирилгени жумыстың нәтийжели болыўына өзиниң тәсирин тийгизбекте.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы