Аўыл-хожалығында әмелге асырылыўы зәрүр болған әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен жумысшы топар дүзилди.
Жумысшы топарға 2022-жылда жеткерип берилген биоөнимлердиң есабынан пайда болған дебиторлық қарыздарлықты өндириў, быйылғы мәўсимге энтомофагларды көбейтиў ушын зәрүр болған азықлық өнимлери менен тәмийинлениўи, быйылғы өним ушын биолабораториялардың кластер, фермер ҳәм басқа хожалықлар менен шәртнамалардың дүзилиўине көмеклесиў ҳәм қандай да бир жумыс бойынша ис бериўши ямаса буйыртпашыларға алдыннан берилген қарыздың төлениўи, фумигация жумысларының орынланыўы бойынша әмелий жәрдем бериў ўазыйпалары жүкленген.
Жумысшы топар тәрепинен усы жыл 2-февральдан баслап районларда режелестирилген жумыслардың орынланыўы бойынша үйрениўлер алып барылмақта. Атап айтқанда, районлардағы хызмет көрсетип киятырған биолабораториялардың бүгинги күндеги жағдайы, шараятлары, энтомофагларды көбейтиў ушын зәрүр болған азықлық өнимлер менен тәмийнлениўи ҳәм басқа мәселелер толық үйренилмекте.
– Қарақалпақстан Республикасында жәми 69 биолаборатория болып, олар тәрепинен агрокластер, дийқан-фермер хожалыклары, үй алды қыйтақ жер ийелерине алтынкөз, трихограмма, бракон сыяқлы биоөнимлерлер жетистирип берилип атырғанлығын мағлыўмат ушын атап өтсек болады,-дейди усы агентликтиң баспасөз хаткери М.Пирниязова. – Ҳәзирги күнде республикамыздағы биолабораториялар тәрепинен (2023-жылдың 2-февраль жағдайына) 79,9 тонна арпа, 4,5 тонна қумшекер, 3,1 тонна мерва (өним шығындылары), 2,4 тонна маргарин азық өнимлериниң қоры жаратылған және кластер ҳәм дийқан-фермер хожалықлары менен 2354 шәртнама дүзилген.
Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги