2023-жылдың 1-январь жағдайына дизимнен өткен кәрхана ҳәм шөлкемлердиң саны 45584 (алдыңғы жылы 45176) ти қурап, 408 ге көбейген. Ал, киши исбилерменлик субъектлериниң саны 48215 ти қурап, соннан юридикалық тәреплер 28369, жеке исбилерменлер 19846 ға жеткен.

– Республикамыз бойынша 2023-жылдың 1-январь жағдайына есабат тапсырыў миннетлемесине ийе жәми 25002 кәрхана есапқа алынған,-дейди Мәмлекетлик салық басқармасының Юридикалық тәреплерге хызмет көрсетиў бөлиминиң баслығы Т.Туреев. – Соннан, 8712 кәрхана юридикалық тәреплердиң пайда салығын ҳәм қосымша қун салығын, 14551 кәрхана айланыстан, 3242 кәрхана жер, 3085 кәрхана мүлк, 346 кәрхана акциз, 25002 кәрхана дәрамат, 197 кәрхана жер астынан пайдаланғанлығы ушын, 6995 аўыл хожалығы кәрханалары жер ҳәм 6404 кәрхана суў салығын төлеўши кәрханалар болып есапланады.

Пуқаралардың жумыс ислеўи рәсмий түрде болса, олардың айлық мийнет ҳақысы өз ўақтында ҳәм дурыс төлениўине, мийнет стажының есапланыўына, салық төлемлериниң өз ўақтында төлениўине ерисилип, бул пуқара ушын да, мәмлекет ушын да пайдалы болып есапланады.

Сонлықтан, мәмлекетлик салық басқармасы ҳәм бөлимлери тәрепинен өткен жыл даўамында 21328 хызметкердиң жумысларының рәсмийлестирилиўи режелестирилген еди. 2022-жыл даўамында жәми 9334 кәрханада рәсмий емес түрде жумыс ислеп атырған 23803 пуқараның жумысы рәсмийлестирилип, жумыс орынларының легалласыўына ерисилген.

Солардан саўда ҳәм улыўма аўқатланыў кәрханаларында 2978,  өндирис ҳәм хызмет көрсетиў кәрханаларында 14800, қурылыс кәрханаларында 1159, аўыл хожалығы жумысларында ислеп атырған 4866 адамның жумысы рәсмийлестирилип, жасырын жумыс орынларының легалласыўы тәмийинленди.

Ал, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы бойынша 2022-жыл ушын белгиленген реже 728 миллиард 277,0 миллион сум еди. Реже 811 миллиард 599,7 миллион сумға, яғный, 111,4 процентке артығы менен орынланды.

Сондай-ақ, юридикалық тәреплерден алынатуғын пайда салығы бойынша реже 109 миллиард 311,0 миллион сум етип белгиленген еди. Реже 121 миллиард 284,9 миллион сумға, яғный 111,0 процентке артығы менен орынланды. Айланыстан алынатуғын салық режеси 77 миллиард 396,0 миллион сум етип белгиленген еди. Орынланыўы 81 миллиард 255,8 миллион сумға, 105 процентке артығы менен орынланыўы тәмийинленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги