Инсан ҳуқықлары ҳәм оның қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын жынаятлар, атап айтқанда, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылық, кибержынаят, терроризм ҳәм экстремизм сыяқлы аўыр иллетлердиң алдын алыў, оған қарсы гүресиў, халықтың, әсиресе, жаслардың бул бағдардағы билимин арттырыў заман талабына айланбақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм оның орынлардағы бөлимлери тәрепинен республикамыз аймағында терроризмге қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылған илажлар  нәтийжесинде бүгинги күнде жаслар тәрепинен социаллық тармақлар арқалы диний мазмундағы материалларды үйрениў ямаса басқа да мақсетлерде қадаған етилген диний ағымлардың сабақлықларын өзлери билип-билмеген ҳалда жүклеп алыў ямаса тарқатыў жағдайлары көплеп анықланған.

Атап айтқанда, 2022-жыл даўамында анықланған жынаятларды таллап қарағанымызда, республикамыз аймағында терроризм ҳәм экстремизм менен байланыслы 9 жынаят анықланған болса, оларда қатнасқан 12 пуқараның алтаўы жасларды қурайды. Сондай-ақ, 217 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар анықланып, тийисли тәртипте суд органларына илаж қолланыў ушын жиберилди. Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларда қатнасқан пуқараларымыздың 106 сы жаслар екенлиги анықланған. Аянышлысы, ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлардың 80 проценттен асламы социаллық тармақлар арқалы қадаған етилген диний мазмундағы материалларды сақлап алыў, танысларына тарқатыў менен байланыслы ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятлар екенлиги көзге тасланбақта.

Республикамызда жоқарыда атап өтилгениндей жаныятлардың профилактикасын әмелге асырыўға байланыслы ишки ислер уйымлары ҳәм басқа мәмлекетлик уйымлар арасында, сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўди ҳәм берилген ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели тәмийинлеў ушын бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Елимизде ҳуқық қорғаў тараўын жетилистириўге байланыслы 90 ға шамалас нызам ҳүжжети қабыл етилди. Ишки ислердиң структурасы толық жаңаланды. Алдын барлық хызметкерлердиң 60 проценти қалалық ҳәм районлық бөлимлерде, 40 проценти орынларда жумыс алып барған болса, бүгинги күнде тараў хызметкерлериниң 65 проценти халыққа жақын болыўы ушын аймақларға, яғный, мәҳәллелерге бағдарланды.

Өзбекстан Республикасының 2022-2026-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясының әҳмийетли бағдарларынан бири диний экстремизм, терроризм ҳәм шөлкемлескен жынаятшылықтың басқа да түрлери менен гүресиў бойынша шөлкемлестириўшилик ҳәм әмелий илажларды күшейтиў арқалы жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў системасын жетилистириўге қаратылған.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм оның орынлардағы бөлимлери тәрепинен 2022-жыл даўамында республикамыз аймағында терроризмге қарсы гүресиў бағдарында 500 ден аслам үгит-нәсият илажлары алып барылып, ғалаба хабар қураллары арқалы 70 мәрте радиоеситтириў ҳәм телекөрсетиўлер таярланды, баспасөзде мақалалар жәрияланды. Сондай-ақ, пуқараларға 15 мыңнан аслам ҳәр қыйлы мазмундағы үгит-нәсиятлаўшы тарқатпа материаллар тарқатылды. 15 мәрте социаллық тармақларда мақалалар жайластырылып, пуқараларымыз сергекликке шақырылды. Республикамыз аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, терроризм ҳәм оның түрли көринислерине қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылған илажлар өз нәтийжесин берип, 2023-жылдың басынан берли терроризм менен байланыслы бирде-бир жынаят анықланбады.

Усындай ҳуқықбузарлықларға бейим болған ҳәм жынайый жазаға ҳүким етилип, жазаны өтеў орынларынан босап келген шахслар да қадағалаўға алынып, оларда нызамға бойсыныў, жәмийет қағыйдаларына ҳүрмет мүнәсибетин қәлиплестириў, социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың кең жәмийетшиликке сиңисип кетиўине жәрдемлесиў, саламат турмыс тәризине қайтарыў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Өткен жылы жазаны өтеў орынларынан босап келген 23 пуқараға 74 миллион сумға шамалас материаллық жәрдемлер көрсетилди. Олардың бири турақлы жасаў мәнзили жоқлығы себепли турақ жай менен тәмийинленген болса, екеўиниң жай салыўы ушын жер майданы ажыратып берилди. Олар тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилип, 22 си турақлы жумысқа орналастырылды.

Ҳүрметли ата-аналар ҳәм жаслардан бүгинги күни тийкарғы мәлимлеме дәрегине айланған социаллық тармақлардан пайдаланыўда итибарлы болып, сергекликти қолдан бермеўге шақырып қаламыз.


Нурдәўлет Төрешов,

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хызметкери, майор.

Қарақалпақстан хабар агентлиги