2022-жылдың 2-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Прокуратура, Суд, Ишки ислер, Мәҳалле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, Денсаўлықты сақлаў министрликлери, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы Басқармасының «Еркинен айырыў менен байланыслы болмаған пробация есабында турып жаза өтеп атырған шахслардың минез-қулқы үстинен бақлаў алып барыў, оларды социаллық турмысқа қәлиплестириў ҳәм қайта жынаят ислеўлериниң алдын алыў жумысларын сапа жағынан және де арттырыў ҳаққында»ғы қоспа қарары қабыл етилген еди.
Тийкарғы мақсет – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 29-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасының жәмийетлик қәўипсизлиги концепциясын тастыйықлаў ҳәм оны әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы талапларының Қарақалпақстан Республикасы аймағында орынланыўына ерисиўди тәмийинлеўден ибарат.
Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында районлық жумысшы топардың мәжилиси өткерилди. Мәжилисте Президент пәрманы ҳәм қоспа қарар талаплары терең үйренилип, жумысшы топар алдында турған ўазыйпалар кеңнен додаланды.
Буннан соң, жумысшы топар ағзалары Хожели районы бойынша пробация есабында турған 179 шахс пенен ушырасыў өткерип, оларға келешекте дурыс жолға түсиў, нызамларды ҳүрмет етиў, жынаят көшесине қайта кирмеў ҳаққында түсиниклер берип, социаллық жәрдемлер көрсетиў, кәсипке бағдарлаў бойынша әмелге асырылатуғын илажлар ҳаққында пикир-усыныслар билдирилди.
– Қоспа қарар тийкарында пробация есабындағы шахслар менен мәнзилли жумысларды әмелге асырыў бойынша илажлар режеси, Нөкис қаласы ҳәм барлық районлардағы прокурор орынбасарлары, район (қала) ҳәкимлериниң орынбасарлары, жынаят ислери бойынша судлардың баслықлары, ИИБ баслықларының орынбасарлары, Бәнтлик бөлими баслықлары, Жаслар агентлигиниң район (қала)лық бөлими баслықлары қурамындағы жумысшы топарлар тастыйықланды,-дейди Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы И.Алланиязов.
Жумысшы топарлардың тийкарғы ўазыйпасы – республикада пробация бақлаўына алынған шахслар менен профилактикалық жумысларды алып барыў, оларға социаллық жәрдемлер көрсетилиўи үстинен бақлаўды және де күшейтиў бойынша ислеп шығылған илажлар режесиниң орынланыўын тәмийинлеў болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги