Бағшылық, соның ишинде, жүзимгершилик тараўы соңғы жыллары мәмлекетимизде бағманларымыздың мол дәрамат дәрегине айланбақта.
Тәбийғый сапалы мийўе-жемис инсан организми ушын оғада пайдалы болып, ол ишки ҳәм халықаралық базарда да өз қарыйдарларына ийе болыўы менен бирге, республикамыз экономикасының раўажланыўында да әҳмийетли орын тутпақта.
Сонлықтан мийўешилик ҳәм жүзимгершилик тараўын елимизде еле де раўажландырыў, тез писер, сапалы мийўе сортларын жаратыў ҳәм олардың майданларын кеңейтиў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылып, бағманлардың бул бағдардағы билим ҳәм ис тәжирийбелерин арттырыў бағдарында аймақларда көргизбели семинарлар өткерилмекте.
Усындай семинар Кегейли районы ҳәкимлигинде болып өтти.
Оған район ҳәкими Д.Утемуратов, аймақтағы бағшылық пенен шуғылланыўшы фермерлер, дийқан-бағманлар ҳәм басқа да усы тараўға қызығыўшы пуқаралар қатнасты.
Семинарда «Умид Фарғона Бўстон ниҳоллари» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы У.Рахмонбердиев тәрепинен жүзим егиў, тәрбиялаў ҳәм оны жетистириў усыллары, финанслық нәтийжелилиги ҳәм кооперацияларды шөлкемлестириў, өнимди жыйнап алыў, сақлаў, зыянкеслерге қарсы гүресиў усыллары ҳәм субсидия алыў имканиятлары бойынша түсиниклер берилип, илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы