Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмасы менен Тақытас районына Сурхандәрья ўәлаяты бириктирилген болып, бүгин күни кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, ўәлаят исбилерменлери тәрепинен 2022-2023-жылларда улыўма баҳасы 239,6 миллиард сумлық 19 жойбар әмелге асырылыўы нәтийжесинде 1 мың 372 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген. Усы ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде өткен күни районға ўәлаяттан 7 вагон қурылыс материалы алып келинди. Бул қурылыс материаллар районға көрсетилип атырған  айрықша жәрдем болып, биринши гезекте социаллық объектлердиң қурылысы, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ жайларын оңлап бериўге жумсалады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги