ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң «Жаслар қанаты» Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети физика факультетиниң тьюторлары менен биргеликте 21-киши райондағы Ақ отаў МПЖда ижарада туратуғын студент-жаслардың жағдайларынан хабар алды.

Мақсет – студент-жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм пикир-усынысларын тыңлаў болып есапланады.

Өткерилген сәўбетлесиўлер даўамында жасларға қыс мәўсиминде газ тармағынан абайлы түрде пайдаланыў, ысытыў үскенелерине итибарлы қараў, қолдан исленген техникалардан пайдаланбаў, аязлы күнлерден кеўилдегидей шығысып кетиў жоллары түсиндирилип, пикир-усыныслар билдирилди. Турақ жайларындағы ысытыў тармақларында анықланған айырым кемшиликлер атап өтилип, оны сапластырыў, әмелий жәрдем көрсетиў илажлары белгиленди.


– Бүгинги күнде университеттиң физика факультетинде бир ярым мыңға шамалас студент-жаслар билим алмақта. Ижарада туратуғын студент-жаслардан ҳәр күни хабар алынып, итибарсызлықтың ақыбетинде жүз берип атырған айырым кеўилсиз жағдайлар туўралы мағлыўматлар берилип, олардың әдеп-икрамлылығы, жүрис-турысы, ҳәзиргидей аязлы күнлерде турақ жайын ысытатуғын үскенелерден ҳәм газ ошақларынан дурыс пайдаланыўы бойынша тийисли мәкемелер менен бирге түсиник жумыслары алып барылмақта,-дейди факультет тьюторы А.Раметова.

Орынларда бул бағдардағы үгит-нәсият илажлары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги