Республикамызда өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў бағдарындағы жумыслар усы атамадағы агентлик, оның бөлимлери, өсимликлер карантини шегара постлары, сыртқы экономикалық жумыс бөлимшелери ҳәм бир жол патруль хызмети, сондай-ақ, Шегиртке ҳәм тут гүбелегине қарсы гүресиў хызмети, Агрохимиялық анализ орайы ҳәм Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў илим-изертлеў институты Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы арқалы әмелге асырылмақта.
– Қарақалпақстан Республикасы Агрохимиялық анализ орайы тәрепинен 2022-жыл даўамында аўыл хожалығы егислик майданлары топырақларын агрохимиялық анализден өткериў бойынша жерден пайдаланыўшылар менен 1776 шәртнама дүзилип, 982 картограмма таярланды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги ишки карантин бөлиминиң баслығы Р.Сейтмусаев.- Фермер хожалықлары менен жәми 130 мың 340,6 гектар жер ушын шәртнамалар дүзилген болып, соннан картограммалар таярланған майданлардың көлеми 65804 гектарды қурайды.
Агрохимиялық анализ орайына шәртнама тийкарында өткен жыл даўамында 178 фермер хожалығы тәрепинен 225 миллион 586 мың сум қаржы өткерилди.
Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң “GSP+” системасы шеңберинде жергиликли мийўе-овощ, палыз ҳәм собықлы егин өнимлериниң европа базарларына экспортын кеңейтиў бойынша «Жол карта»сында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, Агрохимиялық анализ орайы тәрепинен 2022-жылдың январь-декабрь айларында мийўе-овощ жетистириўге қәнигелестирилген кластерлер ҳәм фермер хожалықларының жер майданларындағы топырақларды агрохимиялық анализден өткериў бойынша 431 шәртнама 14286,1 гектар майдан ушын дүзилип, олардан топырақ үлгилери алынды.
Бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.
– Ал, өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў илим-изертлеў институты Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалында 12 адам жумыс ислейди. Оның жетеўи Аргос системасы арқалы жумысқа қабыл етилген,-дейди филиал директоры Д.Уббиниязов.
Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў тараўында илим-изертлеў жумысларының алып барылыўы, илимий жумыслардың әмелиятқа енгизилиўи бойынша «Agro New Turn» ЖШЖ ҳәм С.Юнусов атындағы өсимлик элементлери химиясы институты тәрепинен “Buran-DOSI” 50% i.k., “Pilarsato” s.i.k. (glifosat) аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын жер майданларындағы бир жыллық ҳәм көп жыллық масақлы еки мәўсимлик жабайы шөплерге қарсы биологиялық нәтийжелиликти анықлаў жумыслары алып барылды. Атап айтқанда, филиалдың илимий хызметкерлери тәрепинен июль айында Хожели ҳәм Нөкис районларындағы аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын жер майданларындағы бир жыллық ҳәм көп жыллық масақлы еки мәўсимлик жабайы шөплерге қарсы препаратын ислеп шығыў бағдарында тәжирийбе жумыслары алып барылды.
Көлеми 18 гектарлық тут атызларында тут гүбелеги зыянкесиниң тарқалыўы бойынша, ал 34 гектар майдандағы бир қатарлы тут тереклеринде тут гүбелеги зыянкесиниң тарқалыўы бойынша бақлаў жумыслары әмелге асырылды. 108 дана феромон тутқышлар арқалы қәўипли зыянкес ошақларын өз ўақтында анықлаў ҳәм оларға қарсы нәтийжели гүресиў илажларын белгилеў мақсетинде мониторинг жумыслары әмелге асырылды. Филиал тәрепинен жәми тараўларға тийисли усыныслар бериў ҳәм илимий тийкарланған қолланбаларды таярлаў арқалы илим ҳәм тәжирийбе интеграциясы енгизилген.
Филиалымыз тәрепинен өткен жыл даўамында өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў тараўы бойынша жәми 22 мәрте семинар өткерилди. Радиодан 16, телевидениеден 2 мәрте интервью берилип, 1 видеоролик таярланды. Зыянкеслердиң түри бойынша 17 буклет, 9 зыянлы организмлерге қарсы гүресиў қолланбалары таярланды ҳәм сырт ел және жергиликли журналларда 10 мақала шығарылды.
Қарақалпақстан Республикасы шегиртке ҳәм тут гүбелегине қарсы гүресиў хызмети тәрепинен 2022-жылда зыянлы шегирткелердиң мәйек гүзешелерин аныклаў ушын 158200 гектар майданда бақлаў жумыслары өткерилип, соннан 19034 гектар майданда мәйек қойғанлығы анықланған. Соннан, шегирткелердиң түрлери бойынша «Италия пруси» 3784 гектар ҳәм «Сексеўил» шегирткеси 15250 гектар майданға мәйек гүзешелерин қойғанлығы анықланды. 2022-жылда зыянлы шегирткелерге қарсы 91215 гектар майданға химиялық гүресиў жумыслары алып барылған.
Тараў хызметкерлери тәрепинен кластерлер, фермер ҳәм дийқан хожалықлары менен бирге ислескен ҳалда бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте. Бул илажлар егинлердиң зыянлы организмлер ҳәм кеселликлерден қорғалыўын тәмийинлеп, зүрәәттиң мол болыўы ушын тийкар жаратады.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги