Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Диний экстремизм ҳәм терроризм жәмийеттиң раўажланыўына қәўип» атамасында ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда инсанлар, әсиресе, жаслардың санасына тәсир көрсетиў радикал шөлкемлер тәрепинен қолланылып, тәсир етиў (манипуляция) жолларынан бири социаллық тармақлар екенлиги атап өтилди. Онда шығып сөйлегенлер бүгинги күнде усындай шөлкемлердиң нызамсыз веб-сайтлары, социаллық тармақлардағы атамалары анықланғанын ҳәм оларға кириў, мағлыўматларына лайк басыў, тарқатыў жынайый жуўапкершиликке тартылатуғынлығын атап өтти.
-2022-жылдың август айынан берли филиалдың профиликтика инспекторы лаўазымында ислеп келмектемен. Тийкарғы ўазыйпам – студент-жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаяттың алдын алыў болып табылады, дейди – профилактика инспекторы, аға лейтенант Исмайлов Раметулла. – Илажда Ишки ислер ҳәм басқа да ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте студент-жасларымызда диний экстремизм ҳәм терроризмниң жаман ақыбетлери ҳаққында түсиник пайда етиў, жат иллетлерге кирип кетиўиниң алдын алыў мақсетинде түсиник жумысларын әмелге асырдық. Жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўап алды.
Экстремизм ҳәм терроризм идеяларына қарсы гүресиў ҳәм аянышлы жағдайлар жүз бериўиниң алдын алыўға қаратылған бундай профилактикалық илажлар барлық жоқары оқыў орынларында болып өтпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги