«Өзгидромет» мағлыўматларына бола, усы ҳәптеден ҳаўа температурасы күндиз +10 дәрежеге шекем ҳәм кешки ўақытлары +3 дәрежеге шекем көтериледи. Ҳәтте таўлы ҳәм таў алды аймақларда да +2+7 дәреже жыллы болыўы күтилмекте.
Ҳаўа температурасының көтерилиўи нәтийжесинде қар ҳәм музлардың ериўи тезлесип, сел, қар көшиўи ҳәм суў тасқынларының пайда болыў итималын және де күшейтеди.
Бас министр Абдулла Ариповтың басшылығында пайда болыўы мүмкин болған сел ағымлары, тасқынлар ҳәм қар көшиў ҳәдийселери менен байланыслы айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Мәжилисте ҳазирги жағдай аймақлар кесиминде терең талланып, пайда болыўы мүмкин болған унамсыз ҳәдийселердиң алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша тийисли министрлик ҳәм уйымлар, ҳәкимликлер басшыларына тапсырмалар берилди.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына тийкарланып сел ағымлары, тасқынлар ҳәм қар көшиўи ҳәдийселери менен байланыслы айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша турақлы штаб шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 18-ноябрьдеги 426-санлы қарарына бола Тасқынға қарсы ҳүкимет ҳәм аймақлық комиссиялар дүзилген ҳәм олардың тийкарғы ўазыйпалары белгиленген.
Министрлер Кабинетиндеги мәжилистиң билдириўи менен усы Комиссия ағзалары Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймақларына бириктирилди.
ӨзА