Усы жылдың 30-январынан баслап ески үлгидеги айдаўшылық гүўалығын үйден турып БИМХП (my.gov.uz) арқалы алыў мүмкин.

Оның ушын:

Арза бериўши БИМХПда дизимнен ямаса авторизациядан өтеди ҳәм арза жибереди;

Арзаны қәлиплестириў процесинде пайдаланыўшының ID карта ямаса биометрикалық паспортындағы сүўреттен пайдаланыўға келисим билдиреди, сүўреттен пайдаланыўды бийкарлаған жағдайда жаңа сүўретке түсиў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң аймақлық Дизимнен өткериў ҳәм имтихан алыў бөлимлерине барады;

Компьютер ямаса мобиль телефон жәрдеминде қол қойылады;

Төлемлер әмелге асырылады (БЕМниң 70 проценти – яғный 210 000 сўм) ҳәм қосымша төлем (25 000 сўм) соның есабынан почта хызмети арқалы еки жумыс күнинде айдаўшылық гүўалығы арза берген адамның мәнзилине жеткерип бериледи.

Егер пуқара гүўалықты өзи барып алыўды қәлесе, арзада белгиленген МХОға барады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги