“Нураный” фонды Қарақалпақстан бөлиминиң қаржысы есабынан Әмиўдәрья районында нураныйлар жасайтуғын социаллық қорғаўға мүтәж 66 шаңараққа көмир бийпул тарқатылды.   

– Республикамыз аймағында ҳаўа райының кескин суўытыўы ҳәм тәбийғый  газ басымының төменлеп кетиўи  нәтийжесинде халыққа бир қатар машқалаларды келтирип шығарды, – дейди Әмиўдәрья районы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының кеңесгөйи Баҳадыр Балтабаев. – Усы мүнәсибет пенен Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен район орайынан узақтағы аўылларда жасаўшы жалғыз, кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларда жасаўшы нураныйлардың көмирге болған талабы үйренип шығылды.

Үйрениўлердиң нәтийжесинде “Кўмир таъминот” жуўапкершилиги шекленген жәмийети Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен районға  10 тонна көмир алып келинди. Усы жылдың 25-27 январь күнлери нураныйлар жасайтуғын социаллық қорғаўға мүтәж 66 шаңараққа көмир бийпул тарқатылды.

Сондай-ақ Толқын аўылында жасаўшы, 1948-жылы туўылған  Жумабай Тилепбаевтың майыплар арбашасына мүтәжлиги анықланды. Сол күнниң өзинде “Нураный” фонды Қарақалпақстан бөлиминиң әмелий жәрдеми менен арбаша алып келинип, өз ийесине тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги