Пуқаралық  ислери бойынша Қоңырат районлар аралық судының 2019-жыл 28-августтағы қарыздар А.А.дан жасы жетпеген балалары ушын  Д.С.ның пайдасына алимент өндириў белгиленген болып, бул орынлаў ҳүжжети Бюроның Қоңырат районлық бөлими ис жүргизиўшисине келип түскен ҳәм тийисли тәртипте орынлаў ис жүргизиўи қозғатылған.

Мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери даўамында қарыздар әке А.А. турақлы есаптан өткен мәнзилде мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен бир нешше рет барылғанында табылмай, ҳәзирги жасаў мәнзили анық болмағанлығы ҳәм алимент напақасы 2 айдан көп ўақыт даўамында билқастан төленбегенлиги себепли, оған 2022-жыл 10-мартта басқарманың излеў секторы тәрепинен излеў жәрияланған еди.

Бюроның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы излеў секторы инспекторлары тәрепинен алып барылған оператив илажлар нәтийжесинде алименттен қарыздар әке табылып, мәмлекетлик орынлаўшыға тапсырылған. Алимент қарыздарлығын төлемей келгенлиги ушын оның қарсысына ис ҳүжжетлери топланып, жынаят ислери бойынша Қоңырат районы судына жиберилди. Суд тәрепинен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң  474-статьясы бойынша  15 күнлик ҳәкимшилик қамақ жазасы қолланылды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги