Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғызстан Президенти Садир Жапаров сөйлесиўлерден соң ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын брифинг өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы Қырғызстан Президенти ҳәм халқын әдеттегидей қызғын ҳәм жыллы қабыллағаны ушын минетдаршылық билдирди.

– Мәмлекетлик сапарымыз Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының отыз жыллығында болып атырғаны рәмзий мәниге ийе, – деди Шавкат Мирзиёев.

Өзбекстан басшысы исенимли ҳәм коструктивлик сөйлесиў руўхында болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың нәтийжелерин жоқары баҳалады. Тәреплер көп тәреплемели бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын толық додалап, оны тереңлестириў бойынша анық қарарлар қабыл еткенин атап өтти.

Өзбекстан-Қырғызстан мәмлекетлик шегарасының айрықша участкалары ҳаққындағы шәртнама дүзилгени еки тәреплеме қатнасықларда ҳақыйқый тарийхый ўақыя болғаны атап өтилди.

– Шегараны делимитациялаў мәселелериниң толық тәртипке салынғаны еки тәреплеме бирге ислесиў ҳәм аймақлар аралық алмасыўлардың раўажланыўында үлкен орын ийелейди, регионымызда турақлылық ҳәм қәўипсизликтиң беккемлениўине хызмет етеди,-деди Шавкат Мирзиёев.

Сөйлесиўлердиң соңында қабыл етилген әҳмийетли ҳүжжетлерден бири Кең көлемли стратегиялық шериклик ҳаққындағы декларация болды. Бул, мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың мәплери жолындағы көп тәреплемели бирге ислесиўдиң раўажланыўында жаңа дәўирдиң басланыўы болып есапланады.

Саўда-санат кооперациясын кеңейтиў бирге ислесиўдиң ең әҳмийетли тийкарғы бағдары етип белгиленди. Кейинги жыллары товар алмасыў жети есеге көбейди ҳәм 1,3 миллиард долларға жетти.

Еки мәмлекет ҳүкиметлери алдына товар алмасыўды, соның ишинде импорттың орнын жедел толтырыў ҳәм саўда орайларын шөлкемлестириў арқалы еки миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Кеше болып өткен бизнес-форумда улыўма баҳасы 1,6 миллиард долларлық шәртнама ҳәм келисимлерге қол қойылғаны да бул мақсеттиң табыслы жүзеге шығыўына хызмет етеди.

Автомобильлер, қурылыс материаллары. тоқымашылық өнимлери ҳәм ийирилген жип, электртехника товарлары ҳәм электрон есаплағышлар ислеп шығарыўды жолға қойыў режелестирилген ири кооперция жойбарлары солардың қатарына киреди.

Тәреплер еки мәмлекет кәрханалары ҳәм инвесторларының қатнасыўында энергетика ҳәм кән тармақларында, соның ишинде, көмир санаатында ири инфраструктуралық жойбарлардың әмелге асырылыўынан мәпдар.

Бул бағдардағы жумысларды системалы тийкарда шөлкемлестириў ушын Өзбекстан-Қырғызстан раўажланыў фонды кеңейтиледи, Стратегиялық саўда-экономикалық шериклик бойынша  2023-2025-жылларға мөлшерленген комплексли бағдарлама сондай-ақ, Санааттың тийкарғы бағдарларын раўажландырыў ҳаққында келисим қабыл етилди.

Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў шеңберинде тәреплер мәмлекетлеримиздиң талапларынан келип шыққан ҳалда аўыл хожалығы өнимлерин биргеликте жетистириў ҳәм жеткерип бериўге келисип алды.

Және бир стратегиялық бағдар – транспорт коммуникацияларын раўажландырыў.

– Ҳәрекетлеримиздиң табысы көп жағынан транспорт тараўындағы бирге ислесиўдиң нәтийжелилигине байланыслы,-деди Өзбекстан Президенти.

Сөйлесиўлер даўамында жетекшилер «Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан» темир жолын қурыў бағдарындағы ҳәрекетлерди жеделлестириўге келисип алды. Энергетика тараўы да, атап айтқанда, Қамбарата ГЭС-1ди биргеликте қурыў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

– Бул мегажойбар, әлбетте, Өзбекстан ҳәм Қырғызстанның емес, ал пүткил регионымыздың турақлы раўажланыўына хызмет етеди,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Сөйлесиўлерде аймақлар аралық байланысларды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды. Шегара алды ўәлаятлар басшылары кеңесиниң мәжилислерин турақлы өткерип барыў бул байланыслардың кеңейиўине хызмет етеди.

– Басқа ҳеш бир мәмлекет пенен бундай теңсиз қарым-қатнас орталығына уқсасы жоқ,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәдений-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.

Ош қаласында реконструкциясы жуўмақланып атырған Өзбек музыкалы драма театры туўысқан халықларымыз арасындағы дослықтың айқын белгиси болатуғыны атап өтилди.

ӨзА