Соңғы жыллары елимизде халықтың кем тәмийинленген қатламын жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Аймақларда шөлкемлестирилген «Темир дәптер”,  «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери» тийкарында бул топардағы пуқараларымыздың имканиятлары үйренип шығылып, олардың қәлеўлери бойынша коммерциялық банклерден субсидиялар ҳәм жеңилликли  кредитлер ажыратып берилмекте. Буның нәтийжесинде қолында өнери бар шеберлер, дийқаншылыққа уқыплы  инсанлар тек ғана өзлериниң бәнтлигин тәмийинлеп қоймастан, ал, шаңарағына да дәрамат таўып киргизбекте.

Төрткүл районындағы  «Марказобод» мәкан пуқаралар жыйынындағы район ҳәкимининиң жәрдемшиси А.Кучкаровтың усынысы тийкарында «Ҳаял-қызлар дәптери»нде дизимде турған кем тәмийинленген, жумыссыз, социаллық қорғаўға мүтәж усындай 3 пуқараға «Халықты исбилерменликке тартыў қоры» қаржылары есабынан 14,3 млн. сум ажыратылып, оған пуқаралардың жумыс ислеўи ушын зәрүрли әсбап-үскенелер сатып алып берилди.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы