Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги өсимликлер карантини ҳәм қорғаў бағдарындағы қадағалаў жумысларын 16 район ҳәм Нөкис қаласындағы агроном-инспекторлар, 4 өсимликлер карантини шегара посты, 3 сыртқы экономикалық байланыс ҳәм 1 жол патруль хызмети арқалы әмелге асырады.
Қарақалпақстан Республикасы Шегиртке ҳәм тут гүбелегине қарсы гүресиў хызмети, Агрохимиялық анализ орайы ҳәм Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў илимий-изертлеў институты Қарақалпақстан Республикасы филиалы усы система шөлкемлери болып есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң баслығы А.Турдышов пенен өткен жыл даўамында усы система хызметлери тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққында сәўбетлесип, қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.
– Аманбай Жақсыбаевич, агентликке қараслы фитосанитария лабораториясының жумысы, атызларда зыянкеслердиң ҳәм жабайы шөплердиң көбейип кетиўиниң ҳәм сырттан карантин объектлери кирип келиўиниң алдын алыўда үлкен әҳмийетке ийе. Былтыр усы бағдардағы жумыслар қай дәрежеде болды, деп есаплайсыз?
– Дурыс, лабораториялардағы анализлердиң нәтийжелери, егислик майданлардағы зыянкеслерди ерте анықлаўға, сапластырыўға, солай етип зүрәәттиң мол болыўына тийкар жаратады.
2022-жыл даўамында фитосанитария лабораториясы тәрепинен энтимология, фитопотология ҳәм гербиология бағдарындағы жәми 19452 экспертизалық жумыслар әмелге асырылды. Лабораториялық тексериўлердиң нәтийжесинде зыянлы организмлерден карантин әҳмийетине ийе 4 түринен 153 ҳәм басқа зыянлы организмлердиң 38 түринен 461 жағдай анықланған. Карантин әҳмийетине киретуғын зыянкеслерден “Pseudococcus comstocki Kuwana” (комсток қурты имагосы) ҳәм “Phthoremeae operculella (Zeller)” (картошка күйеси) организмлери ҳәм жабайы шөплерден “Cuscuta spp.” (сары шөп) түри өсимлик ҳәм олардан таярланған өнимлерден табылды.
Басқа зыянлы организмлерден пенецелиоз ҳәм фитофтороз кеселликлери, жабайы шөплерден пәшек сыяқлы ипомея, бәнги дийўана ҳәм қамыс түрлери ҳәм 33 түрдеги зыянкес майда жәнликлер анықланған.
Cыртқы карантин қадағалаўы бөлими «Даўыт ата» ҳәм «Хожели» мәмлекетлераралық, «Қарақалпақстан» темир жол станциясы, «Мискин» республика ишки автомобиль жоллары ҳәм «Нөкис», «Қоңырат» ҳәм «Төрткүл» сыртқы экономикалық байланыс өсимликлер карантини шегара постлары тәрепинен өткен жылы жәми 3603 карантин тексериўи актин, 1737 экспорт ушын фитосанитар сертификат (олардан ишки фитосанитар сертификат тийкарында рәсмийлестирилген 1503 халықаралық үлгидеги фитосанитар сертификат), транзит жүклерине 475 импорт карантин рухсатнамалары рәсмийлестирилип берилген.
Өсимликлер карантини шегара постлары журналларында 9729 хабарнама есапқа алынып, 76 хабарнама Орайлық аппаратқа жиберилди. 295 мәрте мәмлекетлераралық ҳәм ишки өсимликлер карантини шегара постлары әтирапындағы 3 километрлик радиустағы майданда дала мониторинги өткерилди. Карантин тексериўлериниң нәтийжесинде 14 жағдай бойынша ҳәкимшилик протоколлар рәсмийлестирилип, үш жүк сырт мәмлекетлерге қайтарылған.
– Орынлардағы машқалаларды ерте анықлаў ҳәм сапластырыўда нелерге әҳмийет бериў керек, деп ойлайсыз?
– Әлбетте, кластерлер ҳәм фермер хожалықлары менен бирге ислесиў, олардың пикир-усынысларын есапқа алыў, жумыслардың нәтийжели болыўына алып келеди.
Өткен жыл даўамында орынлаў тәртиби ҳәм мүрәжатлар менен ислесиў бағдарында өзимниң ҳәм орынбасарларымның қатнасыўында, тийисли мәкемелер менен бирге орынларға шыққан ҳалда жәми 45 көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди. Қабыллаўлардағы 506 мүрәжаттан 343 и орынланды. Ал, 137 мүрәжат бойынша жумыслар даўам етпекте ҳәм орынланыўы қадағалаўға алынған. Сондай-ақ, 26 мүрәжат бойынша түсиниклер берилген.
Басшылардың қатнасыўында өткерилген көшпели қабыллаўларда 220 физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ўәкили қатнасты. Сондай-ақ, агентликке физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден тиккелей 26 мүрәжат жазба түрде келип түсти. Олардан 14 и қанаатландырылып, үшеўине түсиник берилди. Ал, 9 мүрәжат тийисли ўәкиликли уйымларға жиберилди.
Бул жумыслар машқалалардың ерте анықланып, сапластырылыўында нәтийжели болмақта.
– Республикамыздың ғәлле ҳәм пахта атызларындағы жабайы шөплерди жоқ етиў, зыянкеслерден тазалаў қалай шөлкемлестирилмекте?
– Зыянлы организмлерди прогнозластырыў ҳәм мониторинг етиў бөлими тәрепинен 2023-жыл ушын ғәлле, пахта ҳәм басқа егинлердеги зыянлы организмлердиң тарқатылыўы бойынша узақ мүддетли прогнозлар ислеп шығылды.
Атап айтқанда, масақлы дән егинлери майданларында жәми 17416 гектарда зыянкеслер, яғный «зыянлы хасва» 16121 гектар ҳәм «шире трипс» 1295 гектар майданда тарқалыўы болжанбақта. Усы ғәлле майданларында жабайы шөплердиң еки мәўсимли түринен бир жыллық ҳәм көп жыллық қойпәшек пенен атқулақлар жәми 5476 гектарда ҳәм ғәллесымақ топарға киретуғын қамыс 6461 гектар майданда раўажланыўы бақланды.
Улыўма 2954 гектар пахта майданларында шире трипс, гүзги түнлем, ғөрек қурты, өрмекши кене сыяқлы зыянкеслердиң тарқалыўы болжанбақта.
Жабайы шөплерден пахта егилиўи режелестирилген атызларда еки мәўсимли жабайы шөплерден бир жыллығы 8140 гектарда ҳәм ғәллесымақлардан көп жыллық ажырық 224 гектар ҳәм қамыс 22250 гектар майданды қаплаўы мүмкин. Бағ ҳәм жүзим атызларының 587 гектарында «алма қурты», 64 гектарында «күйелер», 314 гектарында «өрмекши кене», 304 гектарында «шире трипс», 90 гектарында «жүзим жапырағын орыўшы», 80 гектарында «қәлбеки уншық», 41 гектарында «бактериал рак», 67 гектарында «оидиум» ҳәм 44 гектарында «антрактноз» зыянкеслери ҳәм кеселликлери тарқалыўы бақланады.
2023-жылы карантин әҳмийетине ийе зыянлы организмлер прогнозына бола «комсток қурты» 29 гектар, «сүйретилиўши какра» 0,39 гектар ҳәм «сары шөп» 25 гектар майданда раўажланыў қәўипи бар.
Пахта, масақлы дән ҳәм майлы егин майданларын қадағалаў бөлими тәрепинен ғәлле майданларында ғәллешилик кластерлери ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен зыянкеслерге қарсы химиялық препаратлар менен профилактикалық қайта ислеў 2620 гектарда, соннан «зыянлы хасва»ға қарсы 6974 гектар ҳәм «шире трипс»ке қарсы 826 гектарда әмелге асырылыўы бойынша қадағалаў жумыслары алып барылған.
Қыслаўға кеткен зыянкеслерди жоқ етиў мақсетинде атыз шетлеринде, жап-салма ҳәм суў қубырларында өсимлик қалдықларынан тазалаў жумыслары 3495 километр аралықты қурайды. Пахта атызларында майда жәнликлерге қарсы гүресиў илажлары шеңберинде «ғорек қурты»на қарсы 86791 дана ҳәм «гүзги түнлем»ге қарсы 5000 дана феромонлар орнатылып, биологиялық гүрес «шире трипс» ҳәм «гүзги түнлем»ге қарсы 308158 гектар, химиялық препаратлар менен қайта ислеў «өрмекши кене»ге қарсы 102 гектар ҳәм басқа химиялық препарат пенен қайта ислеў «ғорек қурты»на қарсы 313 гектар майданда әмелге асырылды.
2022-жылғы өнимди арттырыў мақсетинде жергиликли төгин шығарыў ҳәр бир гектарға 3 тонна есабынан 159000 тонна ҳәм шербет уралар қазыў ҳәр 5 гектарға 1 дана есабынан 10600 дананы қурады. Пахташылық кластерлери ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен жабайы шөплерге қарсы егиў барысында химиялық препаратлар арқалы қайта ислеў 11040 гектарлық майданда әмелге асырылып, қайта ислеўде зорро, химстоп, стомп, стомп оригинал, стомпстар, ENTOSTOP ҳәм CRASIDIM сыяқлы 7 түрдеги гербицид препаратлардан пайдаланылды.
Зыянсызландырыў (фумигация) бөлими карантин астындағы өнимлер ҳәм олар сақланатуғын (жабық) сыйымлықтағы 2022-жылда жәми 308032 метр куб, соның менен бирге вегетациялық дәўирде өсимликлерди ығалландырып қайта ислеў 522349 метр квадрат көлемдеги зыянсызландырыў жумыслары орынланды.
Жабық сыйымлықтағы зыянсызландырыў жумыслары қоймаханалар бойынша 206418 метр куб, транспорт қуралларында 18721 метр куб, ағаш өнимлери 61900 метр куб, азық-аўқатлар 18137 метр куб, пахта талшығы 445 метр куб, дәрилик өнимлер 179 метр куб ҳәм ҳәр қыйлы жүклер 1016 метр куб муғдарында болды. Ығалландырып қайта ислеў тийкарынан мәмлекетлик шөлкем ҳәм кәрханалардың әтирапында асылдырып тәрбияланып атырған саяманлы ҳәм мийўели тереклерде өткерилди.
– Кластерлерге, фермерлерге ҳәм басқа да дийхан хожалықларына көрсетилип атырған хызметлерден көрилип атырған пайда ҳәм нәтийжелер туўралы мағлыўмат берсеңиз?
– Финанслық-экономикалық бағдар бойынша агентликтиң пул түсими (дәраматы) 2022-жылы жәми 2 миллиард 294 миллион 736 мың сумды қурады. Соннан 324249,5 мың сум сертификат, 1045551,2 мың сум АКД, 859639,6 мың сум фумигация хызмети, 1155,56 мың сум лаборатория экспертизасы ҳәм 64139,9 мың сум жәрийма суммалары болып есапланады.
Мийўе-овощ, палыз ҳәм собықлы егин майданларын қадағалаў бөлиминиң республикамыздағы бағ ҳәм жүзим атызларында өткерген мониторинг жумысларының майданы 11909 гектарды қурайды. Орнатылған 370 дана феромон тутқышлар арқалы өткерилген феромониторинг илажлар нәтийжесинде 111 жағдайда зыянкес анықланған.
7099 гектарлық жерде оларға қарсы гүресиў илажлары әмелге асырылды. Соннан химиялық қайта ислеў өткерилген майдан 3155 гектар, биологиялық гүрес 3944 гектарды қурайды. Овощ, палыз ҳәм собықлы егин майданларында зыянлы орназизмлерге қарсы гүресиў илажлары 6635 гектарды қурап, тийкарынан биологиялық усыллар қолланылды. Феромониторинг илажлары алып барылып, 84 жағдайда зыянлы организмлер анықланған. Профилактикалық көз-қарастан зыянкеслердиң ҳәўиж алып раўажланыўының алдын алыў мақсетинде химиялық жақтан қайта исленген майдан 481 гектарды қурайды.
Ишки карантин бөлими тәрепинен “E-fito” автоматластырылған системаға киргизилген атыз қадағалаўы өткерилген майдан жәми 1886641 гектарды қурайды. 2022-жыл даўамында 7923 дана фитосанитар сертификат рәсмийлестирилип берилди.
Ә.Жиемуратов сәўбетлести,
Қарақалпақстан хабар агентлиги