Түркменстанда парламенттиң жоқары палатасы сапластырылып, бир палаталы парламент, яғный халық ҳәкимиятының жоқары уйымы – Халық мәсләҳәти шөлкемлестирилди.

Мәмлекетлик мәлимлеме агентлигиниң билдириўинше, бундай қарар 21-январь күни парламент палаталарының қоспа мәжилисинде қабыл етилген.

Халық мәсләҳәтине әмелдеги Президент Сердар Бердимуҳамедовтың әкеси – бурынғы Президент Гурбангули Бердимуҳамедов басшы етип сайланды. Президент пәрманы менен оған «түркмен миллетиниң улыўма миллий лидери» статусы берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги