Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев өз пәрманы менен парламенттиң төменги парламент палатасы-Мәжилисти тарқатып жиберди ҳәм 19-мартта  гезексиз сайлаўлар өткериўди тайынлады, деп хабар берди «Vlast.kz».

Мәмлекет басшысы жергиликли ўәкиллик уйымлары – маслиҳатларды мүддетинен алдын тарқатып жибериўди нәзерде тутыўшы және бир басқа пәрманға да қол қойды.

Пәрманлар президент тәрепинен бас министр ҳәм парламенттиң ҳәр еки палатасы спикерлери менен мәсләҳәтлесиўлерден соң қабыл етилген.

Тоқаевтың еслетиўинше, келешекте парламент депутатларының 70 проценти партиялық дизимлер бойынша, 30 проценти болса бир мандатлы округлерден сайланады.

Аралас сайлаў системасына бола, 50/50 салыстырмалы түрде ўәлаятлар ҳәм республика әҳмийетине ийе қалалар депутатлығына тек бир мәртелик сайлаў округлеринде талабанлар ушын даўыс береди.

ӨзА