Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған мәмлекетте гезектеги президентлик ҳәм парламентлик сайлаўлар 14-май күни өткерилетуғынын мәлим етти. Бул ҳаққында «euronews» хабар берди.

Өткен жылдан берли сайлаўлар 2023-жылдың июнь айында өтиўи режелестирилип атырғаны ҳаққында айтып киятырған еди.

Сайлаўлардың ертерек мүддетке көширилиўиниң себебин мәмлекет басшысы мийнеткешлер ҳәм студентлер ушын дем алыс мәўсиминиң басланыўы ҳәм ҳәзирги ўақытта жүз мыңнан артық түрк пуқараларының Ҳажы зияратында болыўына байланыслы жағдайлар есапқа алынғаны менен билдирди.

«ТРТ» телеканалының мәлим етиўинше, буннан 73 жыл бурын Түркияның демократиялық партиясы сол күни парламентлик сайлаўларда жеңимпаз болған еди, сол ўақытта мәмлекетте биринши мәрте сиясий партия жеке ҳәкимлиги сапластырылған еди.

«Сайлаўлардың 14-май күнине белгилеўде мәмлекет тарийхындағы бул әҳмийетли ўақыя да есапқа алынды», деди Президент Эрдоған.

ӨзА