7-январь күни Тәжикстан ҳәм Қазақстан Республикалары арасындағы дипломатиялық қатнас орнатылғанына 30 жыл толды. Усы мүнәсибет пенен Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон кәсиплеси Қасым-Жомарт Тоқаевқа қутлықлаў жоллады, деп хабар берди Ақорда баспасөз хызмети.

«Казинформ» халықаралық мәлимлеме агентлигиниң мәлим етиўинше, еки мәмлекет арасында дипломатиялық байланыслар орнатылғанының 30 жыллығы мүнәсибети менен Қазақстан басшысының атына Тәжикстан жетекшисиниң қутлықлаў телеграммасы келип түскен.

-Тәжикстан тәрепи усы дәўир даўамында еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықларын беккемлеў бағдарындағы ерисилген нәтийжелерди жоқары баҳалайды,-делинеди қутлықлаў текстинде. – Соның менен бирге, мәмлекетлер аралық қатнасықларды тәртипке салыўдың исенимли шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳәм анық механизмлери қәлиплестирилди. Мине, усы беккем тийкар, өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет, стратегиялық шериклик сыяқлы беккем исенимли принциплерге тийкарланған бирге ислесиўимиз ҳәзирги күнде барлық бағдарларда жедел раўажланып атырғаны қуўанышлы жағдай.

Телеграммада, сондай-ақ, еки халық мәплерине жуўап беретуғын өз-ара бирге ислесиўди және де жоқары басқышқа көтериўге исеним билдирилген.

Эмомали Раҳмон Қасым-Жомарт Тоқаевқа жоқары жуўапкершиликли мәмлекетлик хызметинде үлкен табыс, дос Қазақстан халқына тынышлық ҳәм абаданлық тилеген.

ӨзА