Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, 2023-жыл 1-январьдан республикалық мәмлекетлик басқарыў уйымлары төмендегише қайта шөлкемлестириледи:
Министрликлер:
– Халық билимллендириў министрлиги – тийкарында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги шөлкемлестирилмекте;
– Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги – тийкарында Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги шөлкемлестирилмекте;
– Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги – тийкарында Экономика ҳәм қаржы министрлиги және Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги шөлкемлестирилмекте;
– Қаржы министрлиги – тийкарында Экономика ҳәм қарды министрлиги шөлкемлестирилмекте;
– Қурылыс министрлиги ҳәм Турақ жай коммунал хызмет көрсетиў министрлиги – тийкарында Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги шөлкемлестирилмекте;
– Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги және Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги – тийкарында Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги шөлкемлестирилмекте;
– Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги – тийкарында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги шөлкемлестирилмекте;
– Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги – тийкарында Санлы технологиялар министрлиги шөлкемлестирилмекте;
– Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги және Мәденият министрлиги – тийкарында Мәденият ҳәм туризм министрлиги шөлкемлестирилмекте;
– Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги – тийкарында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанындағы Мектепке шекемги билимлендириў агентлиги шөлкемлестирилмекте;
– Инновациялық раўажланыў агентлиги – тийкарында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Инновациялық раўажланыў агентлиги шөлкемлестирилмекте;
– Спортты раўажландырыў министрлиги – тийкарында Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги шөлкемлестирилмекте.
Комитетлер:
– Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети – тийкарында Тәбият ресурслары министрлиги шөлкемлестирилмекте;
– Монополияға қарсы гүресиў комитети – тийкарында Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети шөлкемлестирилмекте;
– Геология ҳәм минерал ресурслар мәмлекетлик комитети – тийкарында Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги шөлкемлестирилмекте.
Агентликлер:
– Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Бағманшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги – тийкарында Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығында хызметлер көрсетиў агентлиги шөлкемлестирилмекте.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.