Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ϴзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық ннновация орайы  ҳәм Қытай  Илимлер академиясыныӊ Синьцзян экология ҳәм география институти тәрепинен “Жасыл Арал теӊизине жол: Инновациялар ҳәм бирге ислесиў” темасында жас илимпазардыӊ халықаралық форумы болып өтти.

Әнжуман сондай-ақ, “Ташкент ирригация ҳәм сув хожалығын механизациялаў инженерлери институти” Миллий илмий – изертлеў университети (ТИИАМЕ), Өзбекстан Илимлер Академиясыныӊ Ботаника институти менен биргеликте шөлкемлестирилген болып, интакерлери халық аралық Илимий шөлкемлер Алянсыныӊ Қурғақшылыққа қарсы гүресиў ассоциацияси (ANSO-ACD), ANSO Жасыл Арал теӊизи илимий басламасы халық аралық бағдарлама мәкемеси (ANSO IPO), Қурғақшыл жерлер экобиомаларыныӊ Өзбекстан-Қытай қоспа тийкарғы  лабораториясы есапланады.  Илажда тийисли министрликлер, комитетлер, жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў институтлары ҳәм басқа да шөлкемлердиӊ ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, форумныӊ мақсети – илим ҳәм технология арқалы Арал теӊизиниӊ жасыл ҳәм турақлы раўажланыўын қоллап-қуўатлаўға қаратылған болып, Арал теӊизи бассейнин турақлы раўажландырыўға умтылып атырған  жас қәбилетлилер ушын халықаралық тәжирийбе алмасыўын ҳәм бирге ислесиў платформасын усынады, илимий ҳәм технологиялық раўажланыўдыӊ соӊғы тенденциялары  менен ортақласады. Пәнлердиӊ өз-ара тәсири ҳәм интеграциясына көмеклесиў, көбирек перспективалы жас илимпазларды жасыл Арал теӊизин раўажландырыў бойынша инноваицияларға өзин бағышлаўға хошаметлеў ҳәм Арал теӊизиниӊ экологялық басқарыўы ушын қәбилетлилерди қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.








Форумда ресурслар, экология ҳәм қоршаған орталық тараўында халық аралық көлеминде белгили еки эксперт илаж темасында академиялық баянат жасады ҳәм илимниӊ соӊғы жетискенликлери ҳәм өзлериниӊ тәжирийбелери менен ортақласты. Сессияларда Арал теӊизи бассейниниӊ турақлы раўажланыўы, жасыл ҳәм инновациялық технологиялардыӊ илимий-изертлеў жумысларын  раўажландырыў бойынша илимий жумыслар алып барып атырған 45 жасқа шекемги болған 9 жас илимпаз академиялық баянат жасады.

–Усы жылдыӊ март айында “Ташкент ирригация ҳәм суў хожалығын  механизациялаў инженерлери институти” Миллий илимий – изертлеў университети, Қытай  Илимлер академиясыныӊ Синьцзян экология ҳәм география институти арасында үш тәреплеме меморандумға қол қойылған еди – дейди ϴзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық ннновация орайыныӊ директоры ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы  Камалатдин Идирисов. –Меморандумда көрсетилген бирге ислесиў бағдарларынан бири сыпатында халықаралық семинарлар, илимий конференциялар ҳәм басқада илажларды биргеликте шөлкемлестириў, илимий ҳәм техникалық қәнигелер таярлаў көрсетилген.

Илаж даўамында болып өткен дөгерек сәўбетинде экспертлер ҳәм ҳүкимет ўәкиллери арасында өз-ара пикир алысыўлар болды. Арал теӊизин экологиялық басқарыўыныӊ илим ҳәм технологияларға болған талабы, жас илимпазлардыӊ потенцияларын арттырыў жоллары, олардыӊ Аралбойында инновацияларды раўажландырыўда қандай рол ойнаўы мүмкинлиги ҳаққында биргеликте додаланып, қатнасыўшылар менен сәўбетлесиўлер шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, илимий ҳәм технологиялық қәбилетлилерди ҳәм әҳмийетли инновациялық жойбарларды табыў, Арал теӊизи бассейнин турақлы басқарыў ушын жетекши қәнигелерди жетистириў мақсетинде еки жас алымныӊ кандидатурасы таӊлап алынды. Оларға “Жасыл Арал теӊизиниӊ инновациялары ҳәм бирге ислесиў” сыйлығы тапсырылды ҳәм  CAS (XIEG) олардыӊ Қытайда қысқа мүддетли қәнигелигин арттырыўды қаржыландырыўды өз жуўапкершилигине алды.


Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақтан хабар агентлигиниң шолыўшысы