Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз отыз тоғызыншы сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясыныӊ басшысы С.Умурзоқов, Бас министр А.Арипов, Олий Мажлис Сенатыныӊ ағзалары, секторлар ҳәм тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларыныӊ ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы А.Орынбаев басқарып барды.
Сессия күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығын сайлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Кахраман Раматуллаевич Сариев басқа жумысқа өтиўине байланыслы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы лаўазымына усы күнге шекем Хорезм ўәлаяты ҳәкими лаўазымында ислеп келген Фархад Уразбаевич Эрмановтыӊ кандидатурасы усынылды ҳәм өмир баяны менен таныстырылды.
Депутатлар Министрлер Кеңеси Баслығы лаўазымына көрсетилген кандидатты қоллап-қуўатлады.
Сессияда Фархад Уразбаевич Эрманов Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы етип сайланды.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз тоғызыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги