Жер участкаларын есапқа алыў ҳәм жерге болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў, ең дәслеп, жер участкаларын қорғаў, жерге болған мүнәсибетлерди тәртипке салыўдан ибарат.

Көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықты дизимнен өткериў ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 29-декабрьдеги «Көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықты дизимнен өткериў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Усы қарарға муўапық көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша электрон бағдарлама арқалы Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасына мәмлекетлик хызметлер орайы  ҳәм бирден-бир интерактив порталынан усы жылдың 1-январынан 1-декабрине шекем физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден  жәми 61 мың 938 арза буйыртпа қабыл етилди.

Басқарма Мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, соннан 53 мың 519 арза буйыртпа унамлы шешимин тапқан, 1 мың 64 арза буйыртпа мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен бийкар етилген, 5 мың 262 арза қайтарылған. Ижара ҳәм ипотека шәртнамасын мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша  физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден 2730 арза келип түскен.

Жәҳән банкиниң қатнасындағы «Көшпес мүлк ҳәм кадастр тараўын дизимге алыў системасын модернизациялаў» жойбары шеңберинде ислеп шығылған «Ўзкад» мәлимлеме системасы арқалы дәслеп республикамызда аўыл хожалығы бағдарындағы жерден пайдаланыўшылардың жер майданларын мәмлекетлик дизимнен өткериў жумыслары алып барылған еди. Бүгинги күни бул системаға  республикамыздағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары киргизилмекте. Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы менен Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы биргеликте улыўма пайдаланыўдағы 4 мың 254 километр автомобиль жолы хатланып, мәмлекетлик дизимнен өткерилмекте.

-Атап айтқанда, бүгинги күни 3900 километрге шамалас улыўма пайдаланыўдағы сыртқы автомобиль жолына кадастр паспорты рәсмийлестирилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасының бөлим баслығы Мансур Султанов.-Олар қала ҳәм районлар кесиминде салыстырылғанда, бүгинги күнге Бозатаў, Қанлыкөл, Кегейли, Қоңырат, Мойнақ, Тақыятас, Төрткүл, Хожели, Шымбай, Тахтакөпир ҳәм Шоманай районларындағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларына кадастр паспортын таярлаў ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткериў жумыслары жуўмақланды. Нөкис қаласында 68,8, Әмиўдәрья районында 307,91, Беруний районында 370,9, Қараөзек районында 123,1, Нөкис районында 150,14, Елликқала районында 236,2 километр автомобиль жолларына кадастр паспортын таярлаў ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткериў жумыслары алып барылмақта. Бул жумысларды жақын күнлерде жуўмақлаў режелестирилген.


Қарақалпақстан хабар агентлиги