Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Халық билимлендириў министри фонды есабынан 2023-2024-оқыў жылында ҳәр айлық үстемеге талабан педагогларды таңлап алыў имтиханлары болып өтти.
Соңғы жылларда билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар билимлендириў тараўы пидайыларының мийнетин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 2-августтағы «Халық билимлендириў министри фондының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, кәсиплик шеберлигин баҳалаў бойынша өткерилген тест ҳәм сәўбетлесиў нәтийжелерине бола, ең жоқары балл топлаған тәжирийбели педагог кадрларға мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 5,5 есеси муғдарында үстеме белгиленген.
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги қарамағындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринен 433 педагог белгиленген үстемеге ерисиў мақсетинде тест тапсырды. Қарақалпақстан Республикасы ушын 144 квота ажыратылған болып, усы тест сынақларында 80 баллдан жоқары балл топлаған муғаллимлер екинши басқышқа жоллама алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги