Усы күнлерде республикамызда тийисли тараў басшыларынан дүзилген топарлар, пуқаралар тәрепинен, «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде аўыр шараятта жасап атырған, хатлаўдан өткерилген кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алынып, оларға зүрүр болған үй-рузыгершилик буйымлары, қысқы кийим-кеншеклер, азық-аўқатлық өнимлер жеткерилип берилмекте. Олардың турақ жайларын оңлаў, жасаў шараятларын жақсылаў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта.
Ҳәрекет шеңберинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Утемисов, Мәмлекетлик салық басқармасы баслығының орынбасары С.Ерниязов, депутатлар ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте Қанлыкөл районындағы усындай шаңарақлардан хабар алды.
Райондағы Арзымбетқум АПЖ аймағының Қыятжарған аўылындағы жәрдемге мүтәж Қ.Елиўбаев, У.Матмуратов, З.Атаниязова ҳәм С.Өтешовлардың шаңарақларынан хабар алып, сәўбетлесип, оларға азық-аўқатлық өнимлер жеткерип берилди.
- Бизлерге ҳүкиметимиз, республикамыз басшылары, сондай-ақ, район, мәҳәлле басшылары тәрепинен үлкен итибар қаратылып, байрамларда усындай қайырқомлық жәрдемлер көрсетилмекте. Мине, бүгин байрамды жақсы күтип алыўымыз ушын шараятлар жаратылып, бизге ун, гүриш, ақ май, қант ҳәм басқа да азық-аўқатлық өнимлер берилди. Басшыларымыздың жаңа жыл алдынан бизлерден хабар алып, жәрдем көрсеткени ушын миннетдармыз,-дейди Қ.Елиўбаев.
Усы шаңарақларды үйрениў нәтийжесинде, 2023-жылы олардың турақ жайларында қәўендер шөлкемлерди бириктириў арқалы қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылыўы белгиленди.
Илаж даўамында депутатлар ҳәм тийисли тараў ўәкиллери аймақтағы 20-санлы улыўма билим бериў мектеби ҳәм 8-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң қыс мәўсимине таярлығын, комуналлық тараўға байланыслы хызметлердиң сапасын, балаларға жаратылған шараятларды үйренип шығып, пикир-усыныслар билдирилди.
Орынларда «Меҳир ҳәрекети» шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги