Социаллық тармақларда шошқа гриппи дүньяның бир неше мәмлекетлеринде дизимге алынып атырғаны ҳаққындағы хабарлар тарқалмақта.

Мәмлекетимизде бул бағдарда эпидемиялық жағдай қандай? Бул кеселликтиң елимиз аймағына кирип келмеўи ушын қандай илажлар әмелге асырылып атыр?

Санитариялық-эпидемиялогиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети баспасөз хызметине бола, республикамызда шошқа гриппи кеселлиги анықланбаған. Эпидемиологиялық жағдай болса турақлы. Республикамыз аймағына сырт елден шошқа гриппи кеселлиги кирип келген жағдайда да ошақты қамтып алыў (локализация) ҳәм сапластырыў (ликвидация) бойынша барлық илажлар басқа да өткир респиратор кеселликлеринде қандай өткерилсе, шошқа гриппинде де тап сондай илажлар әмелге асырылады.

Әдетте шошқа гриппи кеселленген шошқалардан жуғады. Айырым жағдайларда ғана адамнан адамға жуғады.

Адамлар арасында шошқа гриппи инфекциясының әдеттеги клиникалық көриниси мәўсимлик грипп ҳәм басқа да жоқары дем алыў жолларының инфекцияларына уқсас болып, температураның көтерилиўи ҳәм дем алыў системасында исиниў, жөтел, ангина, фарингит, мурынның питиўи сыяқлы белгилер пайда болады.

Кеселлик тек ғана арнаўлы лаборатор тексериў усыллары менен тастыйықланады.

Шошқа гриппине шатылған (гүманланған) наўқаслар дәрҳал жуқпалы кеселликлер емлеўханасында арнаўлы шөлкемлестирилген госпиталда, гүманланғанлар болса, олар провизор госпиталға, қарым-қатнаста болғанлар болса изоляторға жатқарылады. Наўқас толық тәўир болғанға шекем емленеди, өз алдына бөлекленип (изоляция), медициналық бақлаўға алынады.

Шыпакерлер егер жақында сырт елден қайтып, денсаўлығында тынышсызланыў сезген инсанларға дәрҳал шыпакерге мүрәжат етиўди усыныс етеди.

ӨзА