Президент Шавкат Мирзиёев нотариал процесслерде қолайлылықларды арттырыўға байланыслы жумыслар менен танысты.

Бүгинги күнде нотариусларда мәмлекетлик бажы ставкалары жүдә көп категорияларға ажыратылғаны себепли оларды есаплаўда қолайсызлықлар туўылмақта. Атап айтқанда, автомототранспорт қуралларына байланыслы шәртнамаларды тастыйықлаў ушын мәмлекетлик бажы 12, көшпес мүлк, гиреў, ипотека ҳәм лизинг шәртнамалары бойынша 6 категорияға бөлинген.

Сонлықтан мәмлекетимиз басшысы нотариал ҳәрекетлер системасын жеңиллетиў ҳәм халыққа қолайлылықларды арттырыў ўазыйпасын қойған еди. Соған тийкарланып, «Мәмлекетлик бажы хаққында»ғы нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша нызам жойбары ислеп шығылды. Оған бола, нотариал ҳәрекетлер ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажылардың ставкалары оптималластырылмақта.

Мәселен, ҳәзир мәмлекетлик бажы ставкаларын есаплаўда турақ жайдың майданына, автомототранспорт қуралларының двигатель қуўатлылығы ҳәм ислеп шығарылған жылына қаралады. Енди бул бағдардағы категориялар қысқартылып, ставкалар бирдейлестирилмекте, айырымлары азайтылмақта.

Соның ишинде, көшпес мүлк бойынша алды-сатты шәртнамаларды нотариал тастыйықлаў ушын мәмлекетлик бажы, оның майданына қарамастан, Ташкент ҳәм Нөкис қалалары және ўәлаят орайларында базалық есаплаў муғдарының 1 есеси, басқа да орынларда 0,5 есеси муғдарында, ең төмен ставкада белгиленбекте.

Гиреў, ипотека, лизинг ҳәм қарыз шәртнамаларын нотариал тастыйықлағаны ушын дифференцияласқан бажылар бирдейлестирилип, бирден-бир ставка орнатылмақта.

Автотранспорт алды-саттысын нотариал тастыйықлаўда, двигатель қуўатлылығы ҳәм ислеп шығарылған жылына қарамастан бирдей ставкада – базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында бажы өндирилиўи белгиленбекте.

Сондай-ақ, мүлкти ижараға бериў ямаса оннан бийпул пайдаланыў, автомототранспорт бойынша шәртнама бериў сыяқлы келисимлерди нотариал тастыйықлаў ушын бажы муғдары азайтылмақта. Пуқараның жеке жыйналып барылатуғын пенсия тәмийнатына болған мийрасхорға гүўалық бериў ушын мәмлекетлик бажы бийкар етилмекте.

Усы нызамның қабыл етилиўи нотариал процесслерди жеңиллетиўге, ҳәр қыйлы анық емеслик, келисим ҳәм коррупция жағдайларын сапластырыўға хызмет етеди. Жылына 100 миллиард сумнан аслам қаржы халықта қалады.

ӨзА