Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен аталыққа алынған Нөкис қаласындағы 31-санлы мектеп оқыўшылары арасында «Конституция мениң тәғдиримде» сүрени астында интеллектуаллық таңлаў өткерилди.

Бажыхана хызметкерлериниң төрешилигинде өткерилген таңлаўда мектептиң 8-10-класс оқыўшылары еки басқышлы сынақта қатнасты.


Таңлаў жеңимпазлары 8-декабрь-Өзбекстан Республикасы Конституциясы күнинен бағышланып Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында болып өтетуғын байрам илажына мирәт етилип, оларға «Жас бажыханашылар» көкирек белгиси салтанатлы жағдайда тапсырылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги