Қарақалпақстан IT техникумы оқыўшы–жаслары ушын Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң аймақлық басқармасы тәрепинен «Ашық есиклер күни» шөлкемлестирилди.
Оқыўшылар биринши болып Mobi.uz компаниясының мобиль базалық станциясында болып, оның атқаратуғын хызмети, стандартлары, 2G, 3G, 4G интернет тезликлери ҳәм олардың айырмашылықлары ҳаққында түсиник алды. Оннан соң компанияның абонентлик бөлиминдеги пуқараларға хызмет көрсетиў процеси менен танысты.
Танысыў «Өзбектелеком» акционерлик компаниясының Қарақалпақстан Республикасы филиалында даўам етти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 31-августтағы «Жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери арасында билимлендириў процеси ҳәм тармақ шөлкемлери менен өндирис әмелияты тығыз байланыслылығын күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында филиал менен техникум арасында 2022-2023-оқыў жылы ушын шәртнама дүзилип, «Телекоммуникация технологиялары» қәнигелиги оқыўшыларының оқыўын, өндирис ҳәм диплом алды әмелиятларын кәрханада өтеп, әмелий көнликпелерин қәлиплестириўи режелестирилген.
«Өзбектелеком» акционерлик компаниясы Қарақалпақстан Республикасы филиалының IMTS автомат телефон станциясының қәнигелери заманагөй телекоммуникация технологиялары, кәсиплик сырлары менен бөлисти. Бул жерде оқыўшылар интернетке жалғаў бойынша, байланыста үзилис ямаса басқа да жағдайлар болғанда халыққа хызмет көрсетиўши қысқа 1084, 1086 номерлериниң ислеўи ҳәм call-center жумысы менен танысты. Мағлыўматлар топары яғный call-center де Президенттиң виртуал қабыллаўханасына жиберилген мүрәжатлар менен ислесиў ушын 8 оператор бекитилген. Олар мүрәжатларды алып, тийисли уйымларға жиберип отырады. Сондай-ақ, илаж қатнасыўшылары филиалдың телеграф бөлиминде де болып, сырт елден ямаса жергиликли уйымлардан телеграммалардың, суд қарарларының ийелерине жетип барыў процеси менен танысты. Бүгинги күнде пайдаланылмай қалған станция ҳаққында да мағлыўматлар берилди. Оның орнын заманагөй MSAN, GPON, Olt технологиялары ийелемекте. Олар шийше талшықлы кабель арқалы жоқары тезликтеги интернет пенен тәмийинлеў имканын жаратады.
– Байланыс тараўында алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан таныстырыў мақсетинде медиа-турға усы тараўда оқып атырған оқыўшыларды алып шықтық, -дейди Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң аймақлық басқармасы баслығы Тимур Баекеев. – Онда жасларымыздың тараўға қызығыўшылығының, интасының бар екенлигине гүўа болдық.
Буннан соң байланыс тараўындағы ески техникалар, буйымлар, телефон аппаратлары, телевизор, радиоприёмниклер сақланатуғын музейге саяхат шөлкемлестирилди. Танысыўдың гезектеги мәнзили – электромагнит сыйымлылық хызмети орайы болып, онда радиотелевидение, мобиль байланыс тармақларының қамтып алыў дәрежесин өлшеў жумыслары алып барылады. Бул жерде оқыўшылар Қарақалпақстанның 2G стандарттағы тезлик пенен 98 проценти, ал, 3G, 4G стандартларындағы интернет тезлиги менен 88 проценти қамтып алынғаны ҳаққындағы мағлыўматлар менен танысты. Хызметкерлер ҳәр шеректе сигналдың дәрежесиниң жоқары ямаса төменлигин тексерип турады.
Жаслар Қарақалпақстан радиотелетарқатыў орайында да көплеген қызықлы мағлыўматларға ийе болды. Яғный, ең ири станциялар Қоңырат, Мойнақ, Шоманай, Тахтакөпир, Әмиўдәрья, Төрткүл районларында ҳәм Нөкис қаласында шөлкемлестирилген болып, олар халыққа санлы телекөрсетиў хызметин усынады. Социаллық пакетте 21, ал, коммерциялық пакетте 32, 64 каналға шекем трансляция етиледи.
– Менде Mobi.uz компаниясының хызмет көрсетиў офисинде жумыс ислеўге ҳәўес оянды,-дейди Техникумның телекоммуникация қәнигелиги 2-басқыш оқыўшысы Атабек Әметов. – Бирақ, оператор болып жумыс ислеў ушын шет тиллерин билиў талап етиледи. Себеби, бул жерде ҳүжжетлердиң 80 проценти шет тиллеринде жүргизиледи екен. Келешекте өз үстимде ислеп, усы тараўдың маманы боламан.
Қарақалпақстан хабар агентлиги