Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 76-сессиясы ҳәм БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң 46-сессиясында алға қойылған баслама тийкарында шөлкемлестирилген илажға халықаралық, регионаллық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң ўәкиллери, жергиликли ҳәм сырт ел экспертлери, депутатлар, ҳуқықтаныўшылар, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң жуўапкерлери қатнасты.

Глобал форумның екинши күнги жалпы мәжилисинде дүньяда инсан ҳуқықлары менен шуғылланыўшы жас педагоглардың алдыңғы тәжирийбесин ғалаба ен жайдырыўға қаратылған ҳүжжетли жойбар додаланды. БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары Басқармасы Инсан ҳуқықлары бойынша билимлендириў ҳәм оқытыў бөлиминиң муўапықластырыўшысы Елена Ипполити ҳәм усы бөлим хызметкери Паулина Тандионо мине, усы темада өзиниң баянатлары менен таныстырды.

Инсан ҳуқықлары бойынша тәлим-тәрбия системасын халықаралық, регионаллық ҳәм миллий дәрежелерде жетилистириў зәрүр. Усы көзқарастан, Глобал форумның үшинши жалпы мәжилиси бул бағдардағы алдыңғы тәжирийбелер ҳаққында мәлимлемелер алмасыў ҳәм сол тийкарда әмелий усыныслар ислеп шығыўға бағышланды.

ЮНЕСКО Бас директорының Билимлендириў мәселелери бойынша орынбасары Стефания Жаннини ҳәм Парламентлераралық Аўқам Президенти Дуарте Паченконың видеомүрәжатлары тыңланды.

Қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тийкарында «Инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириўди раўажландырыў бойынша Самарқанд ҳәрекетлер режеси (2023-2025)» қабыл етилди.

Форумның жабылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы директоры Акмал Саидов ҳәм БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары Басқармасының Орайлық Азиядағы Инсан ҳуқықлары тәлими бойынша регионаллық ўәкили ўазыйпасын атқарыўшы Фабио Пиана бағдарламада нәзерде тутылған барлық илажлар табыслы өткени, темалар бойынша әҳмийетли усыныс ҳәм басламалар билдирилгенин атап өтти.















– Жалпы мәжилис ҳәм сессияларда БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша тәлим-тәрбия ҳаққындағы декларациясы сондай-ақ, Инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳән билимлендириў бағдарламасының төртинши басқышын әмелге асырыў нәтийжелери додаланды,-деди А.Саидов. – Инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириў бойынша халықаралық ҳәм регионаллық ҳүжжетлер ҳәм қатнасларды қолланыў мәселеси талланды. Сондай-ақ, инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириў бойынша ерисилген ең нәтийжели тәжирийбе ҳәм әмелиятты үйрениў, үгит нәсиятлаў ҳәм енгизиў жағдайы менен имканиятларына баҳа берилди. Инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳән билимлендириў бағдарламасының бесинши басқышының тийкарғы бағдарлары бойынша усыныслар көрип шығылды.

Глобал форум жуўмағында қатнасыўшылардың тәжирийбеси бул ўазыйпаларды әмелге асырыўға жақыннан жәрдем бериўине исеним билдирилди. Себеби, онда «тәлим-тәрбияда тәнепис болмайды», деген принципке әмел етип, инсан ҳуқықлары тараўындағы тәлим-тәрбияны шаңарақта, мектепке шекемги билимлендириўде, мектеп жасында, жоқары билимлендириўде, суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары сыяқлы профессионал институтлар, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы үзликсиз даўам еттириў үлкен әҳмийетке ийе.

Самарқанд форумы даўамында «Инсан ҳуқықларын қорғаў ушын» көкирек белгисиниң ийелерин сыйлықлаў мәресими өткерилди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен 2020-жылы шөлкемлестирилген бул белги ҳәр жылы 10-декабрь – Халықаралық инсан ҳуқықлары күни алдында тапсырылады. Усы жылы бул сыйлыққа 6 ўатанласымыз, 2 сырт ел пуқарасы ҳәм 2 мәмлекетлик емес шөлкем еристи.

Көкирек белгисин Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырды.

Форум илажлары шеңберинде Самарқанд мәмлекетлик университетинде «Инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириў бойынша шеберлик сабақлары» өткерилди.

Илажларда мәмлекетимиздиң барлық аймақларында юридикалық бағдарда жумыс алып барыўшы 20 дан артық жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелеринен 6500 ден артық профессор-оқытыўшы, прокуратура хызметкерлери, бакалавриат ҳәм магистратура бағдарында оқып атырған студентлер, илимий жумыс пенен шуғылланып атырған жас илимпазлар қатнасты. Сондай-ақ, Әдиллик министрлиги системасындағы 14 юридикалық колледж  оқыўшылары ағартыўшылық-ҳуқықый илажға белсене қатнасты.

Ең әҳмийетлиси, Глобал форум жуўмақлары бойынша қабыл етилген Инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириўди раўажландырыўға байланыслы Самарқанд ҳәрекетлер режесинде инсан ҳуқықлары тараўындағы тәлим-тәрбияны нәтийжели әмелге асырыў бойынша халықаралық жәмийетшилик, миллий ҳүкиметлер, оқыў ҳәм илимий мәкемелер сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтларының алдында турған ўазыйпа, пикир-усыныслар өз көринисин тапты.

Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзАның хабаршысы